Telegram Web Link
Сексеўил егиў жумыслары даўам етпекте

Бүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.

«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.

Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.

Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
2024-жыл 10-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкимлиги жуўапкерлери ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

2024 йил 10 декабр куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокимлиги маъсуллари ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
Рәсмий: Мойнақ районы орайына Ucell компаниясының еки станциясы орнатылады Кеше, 6-сентябрь күни Мойнақ районы орайында Ucell тармағында байланыс төменлиги бойынша мүрәжат тарқалған еди. Бул мәселе бойынша Мойнақ районы ҳәкиминиң Ucell компаниясы бас директорына…
«Ucell» байланыс тармағы абонентлери мүрәжаты шешилмекте

Мойнақ районы ҳәкимлиги имараты ҳәм Мойнақ районлық Электр тәмийинлеўши кәрханасы жанына тийисли бийикликте «Ucell» мачталы қурылмалар орнатылмақта.

Бул қурылмалар орнатылғаннан соң 3 мыңнан аслам «Ucell» байланыс тармағы абонентлериниң байланыс сапасы жоқарылайды.

«Ucell» компаниясының бундай станциясы «Үшсай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына да орнатылыўы режелестирилмекте.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
2025/06/30 20:03:41
Back to Top
HTML Embed Code: