Telegram Web Link
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Қаражар» аўылы тарийхында туңғыш қум щебень араласпалы жол төселди

Быйылғы жыл да Қаражаршылар турмысында тарийхый ўақыяның жүз бериўи менен жуўмақланып атыр. «Қаражар»  аўылы Мойнақ районы орайына 37 км., Бозатаў АПЖ («Қаражар»  аўылы жайласқан мәҳәлле) орайына 19 км, үлкен трасса жолына шекем 16 км. аралықта жайласқан.

Ойлы-бийик, жазы борпаң топырақ, қысы қара батпақтан ибарат жоллардан үлкен трасса жолға шығаман дегенше саатлап ўақыт жойытыўға туўры келетуғын еди.«Қаражар» аўылы тарийхында туңғыш қум шебень араласпалы жолдың төселиўи  менен аўылға кирип, шығыў аңсатласты.

Соңғы жылларда «Қаражар» аўылы халқы тазаланған ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў үскенелери, пиядалар жолы менен тәмийинленип, аймақтағы билимлендириў мәкемесинде оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Аўыл халқы бундай дыққат, итибар ушын Президентимизге  миннетдаршылық билдиреди. Енди шетсиз, шексиз, жете алмайтуғындай көринген «Қаражар» аўылына аз минуттың ишинде зымырап барасыз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Еки мәҳәлле тутасқан көше абаданластырылды

Мойнақ районында халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, мәҳәллелерди абаданластырыў, ишки жолларды оңлап, халыққа ҳәм транспортлар қатнаўына қолайлықлар жаратыў жумыслары даўам етпекте.

Бундай саўаплы ислер районның узақ, шетки аўылларында әмелге асырылып атығаны халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етпекте.

Мойнақ районы орайындағы «Бозатаў» көшесине цемент, бетон қапламалы автомобиль жолын ислеў жумыслары даўам етпекте. Бул көше «Жайхун» ҳәм «Таллы өзек» мәҳәллелерин тутастырыўшы көше есапланады.

Бул жумыслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 249-санлы «Цемент бетон қапламалы автомобиль жоллары тармағын кеңейтириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Арамызда ҳаўа райының қандай болыўына қарамастан өз ўазыйпасын шын жүреги менен атқарап атырған қəнигелер жүдə көпшиликти қурайды.

Олар ушын халықтың парахатшылықта, пəраўан жасаўы күтə үлкен əҳмийетке ийе болады. Ең зəрүрли мақсети - ўақыттан кешикпеў. Олар ушын ҳəр бир күн, ҳəр минут гүрестен ибарат. Олар гейде өз жанын да қәўипке қойыўға тайын инсанлар...

Ҳəр бир сөзи, ҳəр бир ҳəрекети, ҳəр бир алдынға қойған қəдеми - халқымыз ушын мүмкиншилик ҳəм пəраўанлық белгиси болып табылады!

Бул ролик сол кәсип ийелери ҳаққында...

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Илаж гүз-қыс мәўсимин зыянсыз өткериўге қаратылды

Мойнақ районында суўық мәўсимди зыянсыз өткериў бойынша алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў ҳәм профилактикалық илажларға қарамай, айырым пуқаралардың бийпәрўалығы ҳәм қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта.

Бул бағдардағы ең үлкен машқалалардан бири - ысытыў печлери ҳәм газ үскенелериниң насазлығы ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларының қопал рәўиште бузылып атырғаны. Бул болса, көп жағдайларда оңланып болмайтуғын ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

Бүгин Мойнақ районында  район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм секторлар басшылары жүз бериўи мүмкин болған айырықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды еле күшейтиў мақсетинде гүз-қыс штабына жуўапкер хызметкерлердиң жаўынгерлик жағдайы тексерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
«Қызыл жар» АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди

Көшпели қабыллаўдың абзаллық тәрепи - бул пуқаралар ушын өзине тән қолайлық ҳәм имканият жаратады, пуқаралардың ўақты ҳәм қәрежети тежеледи.

Қабыллаўларды өткериўден мақсет - халық пенен ашық сәўбетлесиў, олардың машқалаларын аймаққа шыққан ҳалда үйрениў ҳәм оларды сапластырыў сондай-ақ халықтың разылығына ерисиўден ибарат.

Нәўбеттеги көшпели қабыллаў «Қызыл жар» АПЖ аймағында өткерилип, илажға Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков ҳәм Халық қабыллаўханасының райондағы басшысы Д.Қәлимбетовлар қатнасты.

Көшпели қабыллаўда мәҳәлле турғынларының мүрәжатлары тыңланыўы менен бирге турақ жайларының ысытыў мәўсимине таярлығы ҳәм бул мәўсимде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша  үгит-нәсиятлаў илажы алып барылды.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Көшпели қабыллаўларда  пуқаралар қәўипсизлиги әҳмийетли мәселеге айланбақта

Мойнақ районы Салық инспекциясы баслығы, төртинши сектор басшысы Азат Рахметдуллаевтиң аймақларда көшпели қабыллаўлары даўам етпекте. 

Бүгинги көшпели қабыллаў «Дослық» МПЖ аймағында өткерилип, онда ҳаўа райы температурасынан келип шыққан ҳалда турақ жайды қыздырыў дереклерин басқарыў арқалы энергия ресусларын артықша сарпланыўының алдын алыў ҳәм гүз-қыс мәўсимин зыян көрместен өткериў, энергия үнемлеўши үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен көрсетпелер берилди.

Көшпели қабыллаўда мәҳәлле турғынлары турақ жайларының ысытыў мәўсимине таярлығы ҳәм бул мәўсимде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша  қағыйдалар атап өтилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
2025/07/01 00:50:09
Back to Top
HTML Embed Code: