Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Айдын каналы Apple компаниясы ҳаққында видео таярлады!

Бул видео арқалы сизлер Apple қалайынша технология дүньясының гиганына айланғаны, оның тарийхы ҳəм раўажланыў басқышлары ҳаққында билип аласыз.

Сондай-ақ, iPhone'ның  қалай пайда болғанлығы ҳаққында да мағлыўматлар аласыз.
Сизди қызықлы мағлиўматлар күтпекте.

Каналымызды социаллық тармақларда бақлап барың!

https://youtu.be/1eFiRbQrYBo?si=aeoZisIVRHIUBiuV

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жайҳун жойбарының 2-санын Youtube арқалы тамашаласаңыз болады. Бул рет видеода нелер ҳаққында сөз етилди деп ойлайсыз?

QMedia тарепинен усынылған гезектеги жаңа жойбар - Жайҳун арқалы сиз тарийхтағы кескин саўашлар, қарама-қарсылықлар ҳəм сол дəўир турмысы, сондай-ақ атақлы инсанлардың өмири ҳаққында мағлыўматларға ийе боласыз.

Бизди бириншилерден болып бақлап барың!

https://youtu.be/Ah3b5MjqRHM

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Реформалар ҳәм нәтийжелерди беккемлеўде Бас Нызамымыздың орны айырықша

Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети байрам илажы шөлкемлестирилди.

Район ҳәкими Б.Менглибеков  ҳәм басқа да сөзге шыққанлар қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Илажда соңғы жылларда экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде Жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм роли ҳаққында мағлыўматлар берилди.

«Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!” деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийети, Жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда улыўма жаңа басқышқа өтилгени атап өтилди.

Байрам Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлери, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Конституция куни муносабати билан Ўзбекистон халқига байрам табриги

Конститутция күни мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Жаңа суў қубыры тартылмақта

Мойнақ районы «Жайҳун» МПЖ «Өтеш» көшесиниң 150 метр аралығына жаңа суў қубырын тартыў жумыслары даўам етпекте.

Бул көшениң суў қубыры ески  болғанлығы себепли ишимлик суўы мәселеси бойынша айырықша жағдайлар көп жүз беретуғын еди.

Жаңа суў қубырының тартылыўы менен гүз-қыс мәўсиминде суўдың зая болыў ҳалаты сапластырылып, ишимлик суўы мәселеси бойынша көше турғынлары мүрәжаты унамлы шешиледи.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
«Қаражар»да көшпели қабыллаў өткерилди

Соңғы жылларда Мойнақ районындағы «Қаражар» аўылы турғынлары тазаланған ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў үскенелери, пиядалар жолы менен тәмийинленип, аймақтағы билимлендириў мәкемесинде оңлаў жумыслары әмелге асырылған еди.

Быйылғы жыл да қаражаршылар турмысында унамлы ўақыяның жүз бериўи менен жуўмақланбақта.
«Қаражар» аўылына туңғыш қум-шағыл тас араласпалы жолдың төселиўи  менен аўылға кирип-шығыў аңсатласты.

Аўыл халқы да бундай дыққат-итибар ушын Президентимизге  миннетдаршылық билдиреди. Енди жолаўшыға бурын аңсатлық пенен жете алмайтуғын «Қаражар» аўылы жақынласып, аўылға тез жетип алыў имканияты жаратылды.

Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўда мине усы өзгерис ҳәм жаңалықлар сөз етилип, буның ушын аўыл халқы алғысларын билдирди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясы тартылады Бүгин, 2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилди. Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў…
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте

Хабар бергенимиздей,  2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилген еди.

Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден  зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.

Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 млн.доллардан ибарат.

Жойбар тийкарында Мойнақ районы «Қызылжар» АПЖның Әлий аўылы, «Ҳәким ата» АПЖның Дослық аўылы, «Мәдели» АПЖның Шеге аўылы, «Бозатаў» АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья, Таллық аўыллары, «Үшсай» АПЖның Үшсай, Тоқпақ ата аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.

Ҳәзир жумыслар Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖның «Таллық» аўылында алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
2025/06/30 15:54:41
Back to Top
HTML Embed Code: