Telegram Web Link
Forwarded from ТАҒО ТАЙМ
Сўз эркинлиги бўғилган дедик. Берилди. Бу энди олдимизга янги талаблар қўя бошлади.

Бугун ноқонуний қурилиш ҳақида маҳалладаги хотинлардан эшитиб қолган фуқаро бир думалаб блогер бўляпти-да, орқа олдини суриштирмай тармоқда бонг уряпти...

Журналистликни даъво қилаётганларда муаммога ечим топиш ўрнига ўзини пиар қилиш майли кучлироқдек...

Айрим блогерларнинг ўзидан мутлақ доно ясаб олгани энди ўтиб тушмоқда...

Ҳеч кимга қаршилик йўқ фикр айтмоққа. Лекин, бу журналистика эмас ўртоқлар!

Энди янги босқичга ўтмоқ жоиз. Бу журналистик суриштирув ва ечимгача ўрганиш босқичи.

Бу қўлимиздан келмаса умумийликдан конкретликка интилайлик жуда бўлмаса. Масалан, умумнинг манфаатини ҳимоя қилолмагандан кўра бир шахснинг кичкинагина дардига даво топишайлик. Агар ростдан ҳам дардимиз халқ, миллат, ватан бўлса...

Буни қилолмаётган журналист ёки блогердан кўра, кўча супурувчининг қадри шахсан мен учун баландроқ! Жамият учун ҳам...

@hamzajumayev
Полат Айтмуратов 60 жаста

Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери, драматург, сценарист Полат Айтмуратовтыӊ 60 жыллық юбилей кешеси болып өтти.

@kk_tyuz
УБУНТУ

Бир күни антрополог Африкада қәўимлердиң бириниң балаларына бир ойын ойнаўды усыныс етти... Ол теректиң қасына мийўелер салынған себетти қойды да, балаларға:
- Ким терекке биринши болып жуўырып барса, мийўелердиң ҳәммесин алыўы мүмкин", деди.
Ол балаларға жуўырыўды баслаў ушын белги бергенде, балалар бир-бириниң қолын услап, ҳәммеси бирге терекке жетип барып, мийўелерди теңдей етип бөлип алғаны оны ҳайран қалдырды.
Ол балалардан "не ушын ондай қылдыңыз, ким себетке биринши жетип барса, мийўелердиң бәрин алыўына болатуғын еди-ғо?" деп сорады.
Балалар ҳайран болып "Убунту" деп жуўап берди. "Басқалар бахытсыз болған ўақытта қалайынша бахытлы болыў мүмкин?". Убунту оларда "МЕН барман, себеби
БИЗ бармыз" дегенди билдиреди екен. Бул қәўим өзлеринен жоқары туратуғын ҳәм раўажланған жәмийетлерде жоғалған бахыттың сырын билетуғын еди.

(Фейсбуктан алынды)

Убунту - биздеги "Аўызбиршилик"тиң африканша айтылыў болса керек

Каналға ағза болыў: 👇👇👇👇 @bayramaytmuratov
​​... Есть одно русское слово, его очень любил Бисмарк.
И часто его говорил. И приказал выгравировать его на кольце.
Простое на первый взгляд слово - "ничего".
Однажды Бисмарк вывалился на полном ходу из саней русских. И в кровь разбил лицо. Сильно расшибся.
А ямщик стал ему лицо вытирать снегом, похлопывать по плечу и говорить: "Ничего! Ничего!"
И столько в этом слове всего было: и утешение, и ободрение, и сострадание, и надежда…
"Это ничего. Ничего страшного! Ничего, все образуется, мы им ещё покажем! Выздоровеем, встанем на ноги и продолжим путь!", - много доброго смысла и значения у этого слова. Побольше, чем у иных философских размышлений и приказов взбодриться.
Ничего. Все перемелется, все плохое пройдёт.
И Есенин так писал: "И навстречу испуганной маме я цедил сквозь кровавый рот: "Ничего! Я споткнулся о камень. Это к завтраму все заживет!"
Так что ничего, если мы вдруг споткнемся о камень.
Рано или поздно всё дурное обесценивается, превращается в ничто и исчезает. Ничего от него не остаётся...

А.В.Кирьянова

Фейсбуктан алынды
​​​​ҲЕШ ҚАШАН ЕШЕКЛЕР МЕНЕН ТАРТЫСПАҢ

Бир күни ешек жолбарысқа:
– Мына шөп аспан көк реңде, – деди.

Жолбарыс:
– Яқ, шөп жасыл реңде! – деп жуўап берди.

Ортада тартыс келип шықты, соң олар мәселени шешиў ушын тоғай патшасы арысланның алдына барды.

Арысланның алдына жетер-жетпестен ешек даўысының барынша бақыра баслады:
– Уллы мәртебели шаҳым, шөптиң аспан көк реңде екени дурыспа?

Арыслан:
– Дурыс, шөп аспан көк реңде, – деп жуўап берди.

Буны еситип ешек қуўанып кетти:
– Мына жолбарысқа айтсам, мениң менен айтысып, ашыўыма тийип атыр. Сизден өтиниш, оны жазаласаңыз.

Арыслан:
– Жолбарыс, бес жыл үндемеў жазасына тартылсын, деп буйрық берди.

Ешек қуўанғанынан секирип жиберди. Соң:
– Шөп аспан көк реңде, шөп аспан көк реңде, – деп қайталап, жолында даўам етти.

Жолбарыс жазаны қабыл етип, арысланнан сорады:
– Уллы мәртебели шаҳым, мени не ушын жазалап атырсыз? Негизи шөп жасыл реңде емеспе?

Арыслан:
– Ҳақыйқатында да, шөп жасыл реңде, – деди.

Жолбарыс ҳайран қалып сорады:
– Онда неге мени жазаладыңыз?
Арыслан:
– Буған шөптиң аспан көк ямаса жасыл екениниң байланысы жоқ. Жазаны сен батыр ҳәм ақыллы жолбарыс бола турып, ешек пенен айтысыўға ўақытыңды кеткизгениң ҳәм бундай мәселе менен мениң алдыма келгениң ушын алдың, – деп жуўап берди.

Фейсбуктан алынды
Forwarded from Qaraqalpaqstan | Kun.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹 "Nega bu dengiz g‘oyib bo‘ldi?" — mashhur videobloger Orol haqida navbatdagi videoblogini namoyish qildi

▪️ Birlashgan Arab Amirligining mashhur videobloger va influyenseri Nuseir Yasin (Nas Daily) Orol dengizi haqida navbatdagi videoblogini xalqaro auditoriyaga namoyish qildi.

👨🏻‍💻Eslatib o‘tamiz, Nas Daily yurtimizga safari davomida 5 ta material chiqargan. Ulardan uchtasi Orol dengiziga bag‘ishlangan.

➡️ Qoraqalpog‘iston xabarlari
Бүгин халықаралық таксистлер күни екен!

Соның ушын бизлерди мәнзилге жетиўимизге күни-түни хызмет етип жүрген таксистлерге саўға ретинде рус жазыўшысы Михаил Задорновтың "Такси" атлы сатиралық гүрриңин қарақалпақ тилине аўдарып, сизлерге усынбақшыман. Оқып баҳа бересиз деген үмиттемен!
Такси

Таксилер тоқтамай өтеберди. Мен соншелли тоңып қалғанымнан жыллы үйиме жетип алыў ушын оларға еки есе төлеўге таяр едим. Сонда бирден...
Жердиң астынан шықтыма, аспаннан түстиме, бос такси келип, қасыма тоқтады.

Мен дәрриў таксиге умтылдым, бирақ еки есе төлеў ҳаққында айтып үлгермедим, себеби машинадан таксист түсти де, есикти ашып:
- Мәрҳамат отырың! Қатты тоңып қалған шығарсыз? - деди.
- Не дедиңиз? - мен оны түсиниңкиремей бираз албырап қалдым.
- Тезирек отырың, деп атырман, - ол әсте мыйық тартты. - Мен печканы жағаман. Бул да жетпесе, көрпе беремен, аяғыңызды орап отырасыз.

Мен машинаға қарадым. Төбесинде шашкалары нур шашып тур. Демек такси.
- Бирақ мен Чертановаға бараман да! - сәл гүманланыңқырап айттым.
- Четанова болса Чертанова дә! - деди таксист және де жумсақ мыйық тартып. - Жолаўшы қай жерге десе, бизлер сол жерге барамыз. Мәрҳамат!
Мен машинаға қәўетерлениңкиреп отырдым.
- Егер қарсы болмасаңыз, сизди қысқа жолдан алып бараман, - деди таксист.
- Қысқа жол керек емес! - мен қорқа басладым. - Өзиниң жолы менен жүребериң.
- Қәўетерленбең, арқайын дем алың, - таксист уялыңқырап күлди. - Бәри айтқаныңыздай болады.

Аягым жыллылықты сезе баслады. Айнаға илип қойылған транзистордан Шопенниң музыкасы жаңлады. Бирақ кейипиятым жақсыланбады. "Неге ол мени машинасына отырғызып болып, енди бийтаныс жолдан жүрип баратыр? - сосиска салынған портфелимди қатты қушақладым. - Артқа отырыўым керек еди. Ол жер қәўипсизлеў еди. Ҳаялым, балаларым бар... Үлкени мектепке барып атыр!"

Арадағы тынышлықты таксисттиң гәпи бузды.
- Сизге Шопенниң қайсы вальси көбирек унайды? - деп сорады ол.
- Не дейсиз? - деп өзине қайтарып сораў бердим ҳәм мениң гүманланып, албырап отырғанымды сезип қалмаўы ушын дәрриў өзимди усладым. - Маған... Бәри унайды! Сизге ше?
- Маған болса "До диез минор" унайды, - деди ол.
"Бул адамға не керек өзи? - қыялымнан түрли ойлар өте баслады. - Көплеў ақша алмақшы ма?"

Ол маған Шопенниң Балеар атаўларындағы өмири ҳаққында айтып берди. Гейде өзиниң сөзлерине қатты берилип кеткенинен англичан сөзлерди де айтып жиберетуғын, кейин дәрриў өзин услап, гәпин рус әдебий тилинде даўам ететуғын еди.
"Ол буның бәрин қай жерден биледи? - деп ойладым мен. - Таксистте буның бәрин оқыў ушын ўақыт бар ма? Жоқ! Кимде бундай ўақыт бар? Қай жерде бәрин оқып отырыў мүмкин? - ойыма қорқынышлы пикир келди. - Түрмеде!!! Әне сол жерде ўақыт көп болады! Демек бул адам түрмеден қашқан! Соның ушын ҳеш ким гүманланбаўы ушын өзин усылай көрсетип жүр. Бәлким ҳақыйқый таксистти де гүмдан етип, көмип жиберген де шығар... Өзи болса ақша таўып жүр. Сырт елге қашпақшы. Бундай ўақыялар алдын да болған деп еситип едим. Анық! Соның ушын англичан тилин де үйренип алған. Шамасы он жылдай отырған. Әттең, әттең! Қолға түстим! Мейли, үстине ақша қосып беремен. Өлтирмесе болды әйтеўир!"
- Келдик! - деди таксист қуўанып.

Мен айнадан сыртқа, кейин счетчикке қарадым. Расында да, бизлер мәнзилге жетип келиппиз, счетчикте болса әдеттегиден қырық тийин кем баҳа көрсетип тур еди.
"Рецидивист! Қанхор жынаятшы!" - деп ойладым ҳәм әсте ғана оған үш сум берип, машинадан тезирек түсиўге ҳәрекет еттим. Бирақ есик... ашылмады! Тилекке қарсы, әтирапта бизлерден басқа ҳеш ким жоқ еди...
- Есик ашылмайды, - деди таксист меҳир менен. - егер...
- Менде басқа жоқ! Тек сосискалар! - деп бақырдым ҳәм портфелим менен қорғаныў ушын таярландым.
- ...егер қайтымын алмасаңыз! - деп таксист гәпимди бөлди ҳәм майда-шүйде тийинлары менен бир сумлық берди. Соң машинадан түсип, мен отырған тәрепке айланып өтип, есикти ашты ҳәм: - Мәрҳамат, мине үйиңиз. Сизге биринши гезекте иштейиңиз ашылыўын, кейин түниңиз қайырлы болыўын, жақсы түслер көриўиңизди ҳәм әлбетте қайырлы таң тилеп қаламан. Егер меннен бир қәтелик кеткен болса, кеширим сорайман!

Мен өзимди жойтқан ҳалда тротуарда қатып қалдым. Мен алданғанымды түсинип тур едим, бирақ не нәрседен алдандым биле алмадым.
2025/06/29 19:09:16
Back to Top
HTML Embed Code: