☝️Атлары көрсетилген 1,2,3-орын ийелериниң дыққатына:
+99899 955 56 05 ға тезрек байланысыўыңызды соранамыз! ✅
+99899 955 56 05 ға тезрек байланысыўыңызды соранамыз! ✅
Ассалаўма әлейкум қадири бәлент каналымыз ағзалары! 🌸
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ 91 ЖАСТА хаштагы астындағы челлендж нәтийжелери шықты! 😇
Жеңимпазларды анықлаў жүдә қыйын болды, себеби бул таңлаўға қатнасқан 525 жасларымыздың бәршеси билимли, талантлы ҳәм зийрек! 👍
Солай екен бәрше қатнасыўшылар жақсы ҳәм белсене қатнасты! Биз буннан күтә қуўанышлымыз! 😊
Бәрше-бәрше каналымыз ағзаларына ҳәм қатнасыўшы Аязий билимданларына шексиз миннетдаршылық билдиремиз! 👏
Хәмийше биз бенен бирге болың! 👌
Егер де сизде зор усыныс, әжайып пикир ҳәм жаңа жойбарлар болса, бизге мүрәжет етип бөлиссеңиз болады! ✅
Дыққатларыңыз ушын рахмет! ❤️

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен байланыс ушын: 👇
+99899 955 5605
+99899 955 5605
Ассалаўма әлейкум! Қайырлы түн бәршеге!
Мың айдан қайырлы болған Қәдир түни бәршеге мүбәрек болсын!
Мине усы түнде қылған бәрше ибадатларыңыз ҳәм дуўаларыңыз қабыл болсын!
Қәдир түнинде Пайғамбарымызға, сондай-ақ, бәрше пайғамбарларға салаўат айтың! Сонда қыямет күни олардың шәпәәтине ерисесиз! Paziylet.uz
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📺Ибрайым атамыздың бир анжуманда айтқан
"Қарақалпақты көп мақтама көзимше" қосығы.(Архивтен)
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
"Қарақалпақты көп мақтама көзимше" қосығы.(Архивтен)
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Мустапаев Бакытжан
Ана журеги
🔊 Бул қосық 2007-жылы Қазақ естрада жулдызы Бақытжан Мустапаев тәрепинен атқарылған.Қосық Ибрайым атамыздың "Ана жүреги" рәўият сөзине тийкарланып айтылған болса әжеп емес!😇
🌺Аналарымызды абайлап, алақанымызда асырайық,барында ҳүрметлеп жақсы көрейик! ❤️
АНА ЖҮРЕГИ
(Рәўият сөзи)
Жигит айтты: "не десең де көнемен,
Бас алып кетемен, сүймесең егер.
Босағаңа бас қойып-ақ өлемен,
Маған ҳаял болып тиймесең егер."
Мәккар сулыў масайрады жол таслап,
Айтты: "онда бир шәртим бар—тилегим:
Анық мени сүйген болсаң ыраслап,
Әкелип бер өз анаңның жүрегин"...
Жармес жигит үйине тез барды да,
Бел байлады бежериўге тилекти:
Кемпириниң басына бир қойды да,
Геўдесинен жулып алды жүректи.
Жығылды сүрнигип ол босағаға,
Жүрек түсти уўысынан улының.
Жерде жатқан жүрек айтты:
"Абайла, Аўырмады ма ҳеш жериң, қулыным!"
Ноябрь, 1989-жылы.

📝Ибрайым Юсуповтың "Жазғы кеште" қосығынан:
"Сүйемен" деген сол бир сырлы сөзди,
Айтпадың сонда, жаным, тек ғана сен.
Бирақ көзиң көзиме түскен гезде,
Күлимлеп, кирпигиңди салдың төмен...
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
"Сүйемен" деген сол бир сырлы сөзди,
Айтпадың сонда, жаным, тек ғана сен.
Бирақ көзиң көзиме түскен гезде,
Күлимлеп, кирпигиңди салдың төмен...
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
«Бир халық көрдим, жүреги, Көринер қабырғасынан». (Михаил Луконин)
Қарақалпақты көп мақтама көзимше,
Қармаққа тез қабатуғын балықпан.
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.
Бул кисини көзге мақтаўдан көре,
Пайдалырақ минин таўып сөккениң.
«Қарақалпақ жақсы халық» дегенге,
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.
Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.
Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,
Одан да зорын көрсететин халықпан.
Беглиги көп йошып кетсе бу халық,
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып,
Өз тарийхын баслар Адам атадан...
Мийнет десе жең түринген палўандай,
Арбаға таў тийе десең тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай,
Халқымның ақ көкирегин сүйемен.
Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп,
Саған барып айтпағанша тынбайды.
Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп,
Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.
Сумлық қылса сыр алдырар баладай,
Кеўилшеклик минезине күйемен.
Ал енди оның кең жазийра даладай
Азаматлық кең пейилин сүйемен.
Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас,
Мен бул халықтың минезине қанықпан.
Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас,
Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан.
Жыллы сөз еситип көрмей жасында,
Өгей өскен бала кәмалға келди.
Ленин берген дәўлети бар басында,
Мақтанарлық жағы көп оның енди.
Жақсы сөзге жан семирер деген бар,
Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.
Сондадағы өтинемен, адамлар,
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше...
Январь, 1974-жыл.

"Төртликлер" ден.
Айна текте көрсетер сырт жүзиңди,
Сыртқы шырай — шарқ урған бир шағала.
Егер толық көргиң келсе өзиңди,
Жүрегимниң айнасынан сығала.
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Айна текте көрсетер сырт жүзиңди,
Сыртқы шырай — шарқ урған бир шағала.
Егер толық көргиң келсе өзиңди,
Жүрегимниң айнасынан сығала.
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Генжебай Султамуратов -Қудайы қонақ
T.me/ibrayim_yusupov
Генжебай Султамуратов атқарыўындағы - Қудайы қонақ қосығы.
Ибрайым ата Юсуповтың сөзине.
ҚУДАЙЫ ҚОНАҚТЫҢ ҚОСЫҒЫ
(Қ. Айназарға)
Жатырқама бизди, гүл жүзли дилбар,
Еле ҳәм дәўраның болғай илайым.
Мени дым шаршатты айланыш жоллар,
Үйиңди аш, бир ақшам мийман болайын!
Сыны кетпес дейди сырлы табақтың,
Қызларға бергисиз бадам қабақлым,
Саўабы көп болар жақсы қонақтың,
Аш деймен, бир ақшам мийман болайын.
Көзлериң көплерди күйдирген шығар,
Ләбиң сүйгениңе сүйдирген шығар,
Талайлар ергенек тайдырған шығар,
Ал мен бир мийзамкеш мийман болайын.
Жат деген жериңде уйқлайың жатып,
Мойным қыйсық питкей билегиң батып,
Уйқыласаң, көзиңнен сүйип оятып,
Мудам хызметиңде турған болайын.
Отырсаң да сән-салтанат көшкиңде,
Жаслық дәўран өтер екен бес күнде,
Бүйтип жалынбаған едим ҳеш кимге,
Үйиңди аш, бир кеше мийман болайын,
Қәдди бойларыңа қурбан болайын!
Декабрь, 1991-жыл.
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Ибрайым ата Юсуповтың сөзине.
ҚУДАЙЫ ҚОНАҚТЫҢ ҚОСЫҒЫ
(Қ. Айназарға)
Жатырқама бизди, гүл жүзли дилбар,
Еле ҳәм дәўраның болғай илайым.
Мени дым шаршатты айланыш жоллар,
Үйиңди аш, бир ақшам мийман болайын!
Сыны кетпес дейди сырлы табақтың,
Қызларға бергисиз бадам қабақлым,
Саўабы көп болар жақсы қонақтың,
Аш деймен, бир ақшам мийман болайын.
Көзлериң көплерди күйдирген шығар,
Ләбиң сүйгениңе сүйдирген шығар,
Талайлар ергенек тайдырған шығар,
Ал мен бир мийзамкеш мийман болайын.
Жат деген жериңде уйқлайың жатып,
Мойным қыйсық питкей билегиң батып,
Уйқыласаң, көзиңнен сүйип оятып,
Мудам хызметиңде турған болайын.
Отырсаң да сән-салтанат көшкиңде,
Жаслық дәўран өтер екен бес күнде,
Бүйтип жалынбаған едим ҳеш кимге,
Үйиңди аш, бир кеше мийман болайын,
Қәдди бойларыңа қурбан болайын!
Декабрь, 1991-жыл.
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
ДОЛЛАР
Океанның аржағынан, алыстан,
Шақырыўсыз келген қәўипли миймандай,
Есик атлап, төрди бийлеп алысқан,
Не ислесе, бəри нырққа сыйғандай.
Банклерди өз маклериндей сораўсыз
Хызметине жегип гүллән гүзарда.
Пул əўлaдын урып-жығып аяўсыз,
Өз ҳукимин жүргизер ол базарда.
Бул «көк қағаз» шытырласа қай жерде,
Журт қулағы ербең етип, алаңлар.
Терең суўда «алтын балық» бар жерге
Аў салғандай үймелесер адамлар.
Ҳәрре жыйған палға шыбынлар қонып.
Әўмети жүргенниң дәўлети тасар...
Кимлер байып, кимлер банкрот болып,
Дүнья ҳәзир бизнес ышқында жасар.
Сатып алар ол ҳүждан, намысты-арды,
Ол байытар ҳәм де дийўана қылар.
Аш көз дүньядағы көп урысларды
«Доллар саўашы» деп атаса болар.
Асқынлаған наркобизнес иллети
Дүньяға билектен укол берди де,
Бен Ладенлер қылған сум ҳәрекети
Ҳаўлықтырып атыр күшлилерди де...
Мәмлекеттиң миллионларын қыпсырып,
Бираз елдиң лаўазымлы «мәртлери»,
Қулқынына коррупция тәпси урып,
Таўап етер Женеваның банклерин.
Доллар тәбиятын қарасаң серлеп,
Оның сырлы составында бəри бар:
Қан ҳәм тер, қайғы-зар, қуўаныш, ермек,
Өлтирер уў ҳәм тирилтер дəри бар.
Ол бар жерде барлық илаж көрилер,
Питпейтуғын ислер питер ерлесе.
Парахор да назырқанып керилер,
Пуллай емес, «көк кағаз»дан бермесе...
Адамдарды бир-бирине атқызып,
Бул «көк қағаз» жүргизер өз ҳәмирин.
Операция столына жатқызып,
Адам саўдаласар адам өмирин...
Доллар ушын болар көп жинаятлар,
Нәпси қарар таппас оған сыйынбай.
Ийман, инсап деген муқаддес затлар
Ол ушын өтимсиз қалған буйымдай.
Қандай мақсет тутсаң — бəри бир оған,
Пысқырып қарамас руўҳиятқа.
Дүнья қуўып, оған табынса адам,
Жуўмағында жолығар бир апатқа,
Сол ушын сен оған абайлап жантас,
«Апам кетти, мен қалдым» деп жуўырма.
Мийнет етип тапсаң, ол ҳарам болмас,
Байыў жолын алдаў, қылмысқа қурма.
Исбилермен деген сырлы илимди
Иске салып, көзин тапсаң булақтың,
Узын қылар қолың менен тилиңди,
Еңбегиңди емип, хош болар ўақтың.
Қалма бирақ өзиң оған қул болып,
Айта алмайман гәптиң буннан зыятын.
Ийман, инсабыңа жол-жорық қылып,
Ала көрме оның манәўиятын...
6-март 2002-жыл
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Океанның аржағынан, алыстан,
Шақырыўсыз келген қәўипли миймандай,
Есик атлап, төрди бийлеп алысқан,
Не ислесе, бəри нырққа сыйғандай.
Банклерди өз маклериндей сораўсыз
Хызметине жегип гүллән гүзарда.
Пул əўлaдын урып-жығып аяўсыз,
Өз ҳукимин жүргизер ол базарда.
Бул «көк қағаз» шытырласа қай жерде,
Журт қулағы ербең етип, алаңлар.
Терең суўда «алтын балық» бар жерге
Аў салғандай үймелесер адамлар.
Ҳәрре жыйған палға шыбынлар қонып.
Әўмети жүргенниң дәўлети тасар...
Кимлер байып, кимлер банкрот болып,
Дүнья ҳәзир бизнес ышқында жасар.
Сатып алар ол ҳүждан, намысты-арды,
Ол байытар ҳәм де дийўана қылар.
Аш көз дүньядағы көп урысларды
«Доллар саўашы» деп атаса болар.
Асқынлаған наркобизнес иллети
Дүньяға билектен укол берди де,
Бен Ладенлер қылған сум ҳәрекети
Ҳаўлықтырып атыр күшлилерди де...
Мәмлекеттиң миллионларын қыпсырып,
Бираз елдиң лаўазымлы «мәртлери»,
Қулқынына коррупция тәпси урып,
Таўап етер Женеваның банклерин.
Доллар тәбиятын қарасаң серлеп,
Оның сырлы составында бəри бар:
Қан ҳәм тер, қайғы-зар, қуўаныш, ермек,
Өлтирер уў ҳәм тирилтер дəри бар.
Ол бар жерде барлық илаж көрилер,
Питпейтуғын ислер питер ерлесе.
Парахор да назырқанып керилер,
Пуллай емес, «көк кағаз»дан бермесе...
Адамдарды бир-бирине атқызып,
Бул «көк қағаз» жүргизер өз ҳәмирин.
Операция столына жатқызып,
Адам саўдаласар адам өмирин...
Доллар ушын болар көп жинаятлар,
Нәпси қарар таппас оған сыйынбай.
Ийман, инсап деген муқаддес затлар
Ол ушын өтимсиз қалған буйымдай.
Қандай мақсет тутсаң — бəри бир оған,
Пысқырып қарамас руўҳиятқа.
Дүнья қуўып, оған табынса адам,
Жуўмағында жолығар бир апатқа,
Сол ушын сен оған абайлап жантас,
«Апам кетти, мен қалдым» деп жуўырма.
Мийнет етип тапсаң, ол ҳарам болмас,
Байыў жолын алдаў, қылмысқа қурма.
Исбилермен деген сырлы илимди
Иске салып, көзин тапсаң булақтың,
Узын қылар қолың менен тилиңди,
Еңбегиңди емип, хош болар ўақтың.
Қалма бирақ өзиң оған қул болып,
Айта алмайман гәптиң буннан зыятын.
Ийман, инсабыңа жол-жорық қылып,
Ала көрме оның манәўиятын...
6-март 2002-жыл
Каналымызға ағза болың:
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
"БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА"
Саған көлдиң аққуў қусын
Мегзеткенин көп еситтим.
Тырналар өз отырысын
Сеннен алған деп еситтим.
Әрўаналар боталағына
Усатып көз көрисиңди,
Кийиклер өз ылағына
Үйретермиш жүрисиңди.
Тойда көрсем, ҳәмме сақый,
Жолларыңа шашар барын.
Исте көрсем, бир иләҳий
Музыкадай қыймылларың.
Айта берсем, журт алдында
Мақтаныўдай болып кетер.
Сен бәҳәрде шыққаныңда,
Шөллер гүлге толып кетер.
Төринде шөл далалардың
Ойнар еркин ақ мараллар!
Аш көз залым аңшылардың
Түслерине енер олар...
Сен ҳеш кимге берме ерик,
Умыт, жаным, баяғыңды.
Көкиректи сәл көтерип,
Тигирек бас аяғыңды.
Саған мүнәсип дөретип
Мәртлик зейин саналарын,
Жигитлерди ғошшақ етип,
Туўар гөззал аналары.
Ишин күйдир сен олардың,
Наздан белиң сынып кетсин,
Менменсиген қалалардың
Көзи күйип тынып кетсин.
Билемен, жол алысына
Шығып, сыртқа бармағансаң.
Сулыўлардың жарысына
Түсип, "миссис" болмағансаң.
📝Ибрайым Юсуповтың
"Бизиң ауылдың қызына" қосығы.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Саған көлдиң аққуў қусын
Мегзеткенин көп еситтим.
Тырналар өз отырысын
Сеннен алған деп еситтим.
Әрўаналар боталағына
Усатып көз көрисиңди,
Кийиклер өз ылағына
Үйретермиш жүрисиңди.
Тойда көрсем, ҳәмме сақый,
Жолларыңа шашар барын.
Исте көрсем, бир иләҳий
Музыкадай қыймылларың.
Айта берсем, журт алдында
Мақтаныўдай болып кетер.
Сен бәҳәрде шыққаныңда,
Шөллер гүлге толып кетер.
Төринде шөл далалардың
Ойнар еркин ақ мараллар!
Аш көз залым аңшылардың
Түслерине енер олар...
Сен ҳеш кимге берме ерик,
Умыт, жаным, баяғыңды.
Көкиректи сәл көтерип,
Тигирек бас аяғыңды.
Саған мүнәсип дөретип
Мәртлик зейин саналарын,
Жигитлерди ғошшақ етип,
Туўар гөззал аналары.
Ишин күйдир сен олардың,
Наздан белиң сынып кетсин,
Менменсиген қалалардың
Көзи күйип тынып кетсин.
Билемен, жол алысына
Шығып, сыртқа бармағансаң.
Сулыўлардың жарысына
Түсип, "миссис" болмағансаң.
📝Ибрайым Юсуповтың
"Бизиң ауылдың қызына" қосығы.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫҢ ҚОСЫҚЛАРЫНАН!
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер.
Еңиресин елинен айра түскенлер,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Сазын самал ядлап, сөзин ел билген
Бир шайыр дүньяға келди де кетти.
Тал артынан туўған айға телмирген
Бир дилбар түсиме енди де кетти.
Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын,
Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын.
Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Айт сен «Бозатаўды» намаға салып,
Елжиремегенниң баўыры тас болсын.
Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып,
Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын.
Шайыр гезген шөлде бостанлар байып,
Зарлы заман болды көзлерден ғайып,
Бир илҳам перисин көрдим әжайып,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Мен оны тыңласам, қалмай тақатым,
Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған.
Мен оны тыңласам, туўған елатым
Жер жәннети болып көринер маған.
Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң.
Жаман шайырларды түңилтпек болсаң,
Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
1971-ж, февраль.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер.
Еңиресин елинен айра түскенлер,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Сазын самал ядлап, сөзин ел билген
Бир шайыр дүньяға келди де кетти.
Тал артынан туўған айға телмирген
Бир дилбар түсиме енди де кетти.
Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын,
Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын.
Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Айт сен «Бозатаўды» намаға салып,
Елжиремегенниң баўыры тас болсын.
Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып,
Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын.
Шайыр гезген шөлде бостанлар байып,
Зарлы заман болды көзлерден ғайып,
Бир илҳам перисин көрдим әжайып,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Мен оны тыңласам, қалмай тақатым,
Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған.
Мен оны тыңласам, туўған елатым
Жер жәннети болып көринер маған.
Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң.
Жаман шайырларды түңилтпек болсаң,
Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
1971-ж, февраль.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ
Мен кисилик таластырып,
Киси менен жарыспайман.
Тарийхшыға пал аштырып,
Әййемгиме тарыспайман.
Мәрт Тумарис— массагеттиң,
"Қырк қызының“ ypпағыман,
Перзентимен печенегтиң,
Шөлдиң қарақалпағыман.
Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болган,
Кеўли ақ қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.
Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
"Бир ўәсият айтып кет онда"
Деп сорапты оннан улы.
Ўәсият екен ал сондағы
Айтып кеткен урпағына,
"Тыр жаланаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!..."
Қарақалпақлар соннан баслап,
Қалпагы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.
Көп заманның әндийшесин,
Көрседе көзи ағармаған,
Жоғалтсада көп нәрсесин,
Қалпағы ҳеш жоғалмаган.
Қатал сорап қысым етип,
Хан да оны шештире алмаған,
Жан шықпаса гелле кетип,
Жаўда оны шештире алмаган.
1972-жыл.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Мен кисилик таластырып,
Киси менен жарыспайман.
Тарийхшыға пал аштырып,
Әййемгиме тарыспайман.
Мәрт Тумарис— массагеттиң,
"Қырк қызының“ ypпағыман,
Перзентимен печенегтиң,
Шөлдиң қарақалпағыман.
Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болган,
Кеўли ақ қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.
Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
"Бир ўәсият айтып кет онда"
Деп сорапты оннан улы.
Ўәсият екен ал сондағы
Айтып кеткен урпағына,
"Тыр жаланаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!..."
Қарақалпақлар соннан баслап,
Қалпагы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.
Көп заманның әндийшесин,
Көрседе көзи ағармаған,
Жоғалтсада көп нәрсесин,
Қалпағы ҳеш жоғалмаган.
Қатал сорап қысым етип,
Хан да оны шештире алмаған,
Жан шықпаса гелле кетип,
Жаўда оны шештире алмаган.
1972-жыл.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
ХОРЕЗМГЕ
Тамырымызда туўысқанлық
қанымыз бар қатысқан,
Ата-баба бир нан тапса,
бирге бөлип татысқан,
Халқымыз бар, бир дәрьяның
еки бойында турып,
"Ассалаўма алейкүм!" деп,
насбай сорап атысқан.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Тамырымызда туўысқанлық
қанымыз бар қатысқан,
Ата-баба бир нан тапса,
бирге бөлип татысқан,
Халқымыз бар, бир дәрьяның
еки бойында турып,
"Ассалаўма алейкүм!" деп,
насбай сорап атысқан.
Каналымызға ағза болың!👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
КАНАЛЫМЫЗ МАЗМУНЫ
Төменден келтирилген қосықлар үстине басып , сол қосықды тез таўып алып өқысаңыз болады.
Ўақты-ўақты менен жаңаланып барылады.Дизимде қәте-кемшиликлер болыўы мүмкин,қәте-кемшиликлер ушын кеширим сораймыз ...
✍ Бир адамды бир адам
✍ Ырым
✍ Қыздың кеўли - қызыл гүл
✍ Аўылдағы кеш
✍ Қарақалпақ ҳаққында сөз
✍ Сағыныў
✍ Және келдим сениң қабириң басына
✍ Сулыўлар ышқында
✍ Мениң үйим
✍ Айт сен Әжинияздың қосықларынан
✍ Пазыйлет
✍ Саллана-долана барар бир жанан
✍ Қыйын ҳәм Аңсат
✍ Раҳмет саған, заманым!
✍ Суў Пери
✍ Қарлығаш
✍ Помада
✍ Бир ҳәмелдар жигитке
✍ Жаңа жыл тилеклери
✍ Еркин Базар
✍ Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни
✍ Туўысқанлық
✍ Дала гүли
✍ Ғаррылар
✍ Көл бойында
✍ Пазналар
✍ Ақ алтынды алтын қоллар жаратар
✍ Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде
✍ Хорезмге
✍ Бес Қонақ
✍ Тәрези
✍ Тилек
✍ Гүллер аңламас
✍ Қой, даңқпараз болыўдан уял
✍ Шайыр ҳәм Жүрек
✍ Ҳамал
✍ Сағыныш
✍ Ана тилиме
✍ Ана
✍ Қосық
✍ Кегейли
✍ Бессарылар
✍ Ғазлардың қанатында
✍ Сен теберик дәргайысаң билимниң
✍ Қара көйлек ишинде
✍ Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас
✍ Шөгирме
✍ Сүймегенге сәлем жоқдур
✍ Сын керек
✍ Қарақалпақты көп мақтама көзимше
✍ Ҳәр кимниң өз заманы бар
✍ Жоллыдан сәлем
✍ Билим булағы
✍ Мүнажат
✍ Сен дегенде
✍ Пара
✍ Сизсиз мениң күним жоқ
✍ Дузлы самаллар
✍ Алыс әўладларға
✍ Кеўил кеўилден суў ишер
✍ Жигиттиң соныңдай бир досты болсын
✍ Жубатыў
✍ Мустақыллық майданынан өткенде
✍ Ана жүреги (Рәўият сөзи)
✍ Мениң жигит ўақтым сениң қыз ўақтың
✍ Бул қаланың көшесинен жүргенде
✍ Нәресте
✍ Шайыр
Каналымызға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇

ҚӘЛЕМИ ҲӘМ СӨЗИ ӨТКИР ЖУРНАЛИСТ БОЛСАМ
Өзбекстан Республикасы Перезиденти Ш.Мирзиёев айтқанындай-"Өзиниң билим ҳәм көнликпесине,исшиллик қәбилетине исенген басшы ҳеш қашан сыннан қорықпайды.Ондай пәзийлетли басшы Ғалаба ҳабар қураллары ҳалық пенен сәўбеттиң тийкарғы қуралы деп биледи.Ал,бундай қатнас ғарезсизлигимизди тәмийнлеўге тийкар болады".
Ҳақыйқатында да Журналистика-демократиялық жәмийеттиң әҳмиетли бөлими.Ғалаба ҳабар қураллары жумысы ҳәр дайым аўыр болып,үлкен жуўапкершиликти талап етеди.
Журт басшымыздың 1993-жыл 24-июндағы пәрманына муўапық,27-июнь-Баспа сөз ҳәм Ғалаба ҳабар қураллары жумысшылары күни сыпатында белгиленген.
Мине,27 жылдан берли мәмлекетимизде газета,журнал,радио,телевидение,қулласы Ғалаба ҳабар қуралларынан электрон ҳәм дәўирли баспа тараў ҳызметкерлери бул байрамды көтериңки руўҳта белгилеп келмекте.
Усы тийкарда туўылып өскен ана жерим Шымбайдың көрер көзи болған сүйикли газетамыз "Шымбай ҳаўазы" ҳаққында сөзлеўди мақул көрдим.
1932-жыл ноябрь айынан баслап иске түскен бул газета "Ылғалы" деген атама менен латын имләсында басылып шыға баслаған.Онда дәслепки жыллары жергиликли ҳалықтың мийнети сәўлеленген.Газета редакторы Б.Сапаров болған. Ҳәзирги күнге келип те Шымбай ҳаўазының басылымларында районымызда болып атырған өзгерис ҳәм жаңалықлар,ҳалық арасында шешимин табыўға қаратылып,нәтийже берген актуал мәселелер,сондай-ақ ҳаўазлы Шымбайдың жетискенликлери ҳаққында көплеп мағлыўматлар берилмекте.
88 жыллық тарийхқа ийе газетамыздың ҳәзирги редакторы Раўаж Утепбергенов.Ол 2014-жылдан баслаған жуўапкершиликли жумысын нәтийжели алып бармақта.
Наргиза Толыбаева 2015-2019-жыллары "Шымбай ҳаўазы" газетасы редакциясы арнаўлы ҳабаршысы болып,2019-жылдан баслап Шымбай районы ҳәкимлиги Ҳабар ҳызмети баслығы болып табыслы мийнет етип киятыр.
Азат Төремуратов 20 жылдан аслам ўақыт ишинде редактор,арнаўлы ҳабаршы ҳәм радио ҳабаршы лаўазымларында ислеп киятыр.
Оразбай Пирленов Шымбай ҳаўазы газетасы редакциясында 2006-жылдан бери Фото журналист лаўазымында ҳызмет көрсетпекте.
Алаўаддин Тилепов 2001-жылдан баслап Қарақалпақстан Телерадио компаниясы Шымбай районы бойынша арнаўлы ҳабаршысы болып жумыс ислеп атыр.
Район ҳәкимшилигине барғанымда ҳар дайым редакциясына барып аға-ажапаларыма сәлем берип ҳармасын айтып кететуғын,гейде мақала берип кететуғын әдетим бар.Ол жерге барар екенмен,өзим таўсылмас күш энергиясын алғандай боламан.Ақылына көрки сай ажапам Толыбаева Наргиза Азатовна менен туўысқандай болып кеткенбиз.Газетаға материяллар таярлап,қызқын мийнет ортасында отырса да қымбатлы ўақтын аямайды.Базы инсанлар бар.Олар менен сәўбетлессең саат тиллерин услап қалғың келеди.Журналистиканың машақатлы ҳәмде унамлы тәреплерин айтып беретуғын Наргиза ажапам әйне сондай инсанлардың бири.Ол менен сәўбетлескен 15 минут ўақтым мен ушын мәслахатлы,тәжирийбели ҳәм ең әжайып мәўритлердиң бирине айланады.
Көп жыллық мийнет стажына ийе болған тәжирийбели ағам Төремуратов Азат Рзамуратович пенен радиода бирнеше рет сәўбетлескенмен.Ол жүдә әлпайым,ой шуқырына жетип сөйлейтуғын,көпти көрген ақыллы инсан.Кәсип машақатын аңлап,журналистиканың жуқа нанына сабыр етип,ҳалық арасында жүрген мийнеткеш инсан.Ҳәр бир пикирин толық жеткерип беретуғын кәсип маманы.
Оразбай аға Пирленовты көрген жерде -Ассалаўма әлейкум!-деп сәлем берсем, -Ўә әлейкум ассалам! Жансаўле қызым қалайсаң?-деп жыллы жүз бенен сәлемге әлек алады.
Ҳүрметли Баспа-сөз ҳәм ғалаба ҳабар қураллары ҳызметкерлери!Сизлерди 27-июнь Кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлайман!Алды менен Ўатынымыз тыныш,ҳалқымыз аман болсын!Ғәрезсиз елимиздиң ҳәр бир шаңарағына саў-саламатлық ҳәм аўызбиршилик тилей отырып журтымыз раўажы жолындағы машақатлы жумысларыңызда әўмет яр болып,сизлерге тасқын-табыс ҳәм талмас қанатлар тилеймен!
🌸 Жансәўле Хамидуллаева 🌸
Каналымыз: @Xamidullaeva_blogi

Telegram
Ибрайым Юсупов