Ассалаума алейкум!!!. Қәдири бәлент қәдирданларым!!!. Мине бүгин 5-май қарақалқалпақ халқының үллы шайыры қарақалпақ поеэзиясының көрнекли тулғасы, оның байтереги саналған И.Юсуповтың 91 жыллық мерекеси күни. Усындай уллы инсанлардың бизге қалдырған мәдений мийраслары ешқашан умытылмайды, оның жүрегинен шыққан дөретиушиликлери хәр бир қарақалпақ перзентлериниң жүрегинен орын алған десек асыра айтқан болмаймыз хақыйқатында да бул атамыздың ийгиликли ислери жүрегимизде мәнгиге жасайды. Сонымен бир қатарда атамыздың дөретиушиликлерин еледе кең жайдырыуда еледе мәнгилестириуде өз үлеслерин қосып атырған, өзиниң телеграм социяллық тармағында бир қанша кең аудидиториясына ийе болған Жансауле хәм Ислам Хамидуллаевлар сизлерге алғысым шексиз!!!. Хәрқашанда усындай ийгиликли ислериңизде қолларыңыз талмасын дениңиз сау болсын!!!.
Ассалаумағаликум! Ибрайым Юсупов каналы жанкүйерлері және ұйымдастырушылары. Міне бүгін ұлы жазушымыз Өзбекстан қаһарманы, Өзбекстан және Қарақалпақстан халық ақыны, тағдырдың жазуымен, тәңірдің сыйымен бүкіл Қарақалпақ елі тарихының ең біртолағай тұлғасына айналған Ибрайым Юсупов 91 жаста. Ұлы ақынымыздың жазған әр бір өлеңі біздің кеулімізден терең орын алған. Осы каналда Ыбрайым Юсупов 91жылдығына арналып өткерілген челленджден әр бір қатнасушының ақынның өлеңдерін айтуы мұның бір дәлелі. Мен осы каналды ұйымдастырған Ислам Хамидұллаев және Жансауле Хамидұллаеваларға өз алғысымды білдіремін. Бүгінгі күнде бос уақтымызды мазмұнды өтуіне өз үлестерін қосты.
Шымбай ауданы, ҚМУ студенті Камалова Шолпанай
Шымбай ауданы, ҚМУ студенті Камалова Шолпанай
Assalawma áleykum! Húrmetli Jansawle Xamidllaeva!
Men siziń kanaldıń shın ıqlasbentimen! Búgingi Ibrayım Yusupov atamızdıń 91-jıllıq yubeleyi menen qızǵın qutlıqlayman! Kanal administratorlarına úlken raxmetler aytaman! Kanalıńızǵa gáp joq! Bári zor! Meniń kewlimnen orın alǵan dım erekshe kanal! Biz hámiyshe sizler menen birgemiz! Hesh qashan sharshamań! Sizlerge áwmet yar bolsın!
Tilek bildiriwshi:
Shımbay rayonlıq 40-sanlı mekteptiń 11-klass oqıwshısı Jumaǵalieva Jaziyra!
Men siziń kanaldıń shın ıqlasbentimen! Búgingi Ibrayım Yusupov atamızdıń 91-jıllıq yubeleyi menen qızǵın qutlıqlayman! Kanal administratorlarına úlken raxmetler aytaman! Kanalıńızǵa gáp joq! Bári zor! Meniń kewlimnen orın alǵan dım erekshe kanal! Biz hámiyshe sizler menen birgemiz! Hesh qashan sharshamań! Sizlerge áwmet yar bolsın!
Tilek bildiriwshi:
Shımbay rayonlıq 40-sanlı mekteptiń 11-klass oqıwshısı Jumaǵalieva Jaziyra!
Бүгин 5-май Қарақалпақ тарийхындағы белгили сәнелердиң умытылмас күни. Яғный Өзбекстан қахарманы Қарақалпақ халқының байтереги Ибрайым Юсуповтың 91 жасқа толған күни менен шын жүрегимнен қутлықлайман. Ибрайым атамыздың жазған қосықларын оқып көрмеген адамның өзи жоқ шығар менимше. Хаттеки естрада жулдызларымыз да Ибрайым атамыздың ең жақсы жазылған қосықларын жақсы атқарған. Сол намаға жазылған қосықларын еситип отырып зейниң ашылады расы. Ибрайым атамызды 9-май қарсаңында исмин мәнги яд етип еслеймиз. Бүгинги тууылған күни менен Ибрайым атамыздың шаңарақ ағзаларын бәрше тууған тууысқанларын шын жүрегимнен усы ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ каналы арқалы қутлықлап қаламан. Хам соның менен бирге усы каналды шөлкемлестириушилерге Ислам Хамидуллаев хам Жансәуле Хамидуллаеваларға да өз миннетдаршылығымды билдиремен. Себеби усы канал арқалы Қарақалпақстан Республикасының пүткил бәрше районынан оқыушы жасларды әсиресе Ибрайым избасарларын таңлау қылып челлендж шөлкемлестирип көпшиликти усы жерге Шайырдың ықласбентлерин жәмледи. Челлендж жақсы өтти. Хазирги уакытта хамме өз үйлеринде Карантинде дем алыс уақтында қызығыушы жасларға үлкен түртки болды. Усы таңлауды шөлкемлестирген канал админстраторларына соның менен бирге Қарақалпақстан Республикалық Жаслар Ауқамына өз миннетдаршылығымды билдиремен. Хеш қашан шаршамаңлар. Хамийше шаршаудан жырақ болып алдыңызға қойған мақсетлериңизге ерисе бергейсиз. Хурмет пенен Шымбай районлық 11-санлы мектептиң Жаслар жетекшиси Парахат Тәженов.
Assalawmi Aliykum hurmetli Ibrayim Yusupov kanali admistratorlari men sizlerdin kanalizdi shin kewilden baqlab baraman usi kanaldag'i barliq mag'lumatlardi suysinib oqiymiz sizlerge kop-kop raxmet karantin oqtinda adamlardin waqitin bosqa ketirmey har turli tanlawlar shellendjler otkerib atrg'anin' ushun sizlerge kush-g'ayrat tileymen ham sizlerge u'lken baxit ham jumslarin'izg'a tasqin tabislar tileymen eger abuturetler bar bosa aranizda oqiwlarg'a grant esabinda kiriwin'izge tileklespen har dayim usinday sawapli islerdi islewden sharshamanlar hamde kanalin'izg'a elede rawajlar tileymen ilahim kanalizdin adamlar 10.000 nan 100.000 min'nan asib jurgey Telegram tarmag'inda 🥇-orinda bolib jure berin' dep Shimbay Rayoninan Shimbay Ekonomika koledji 3-basqish oqiwshisi Tog'izbaev Ulug'bek
Forwarded from Азамат Нуратдинов
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Assalawma aleykum İslam inim hàm kanal oqiwshilari. Sizlerge hàm kanal oqiwshilarina raxmetimdi aytaman. Shayir aģalar Tòlepbergen hàm Ibrayim aģalar menen kõriskende (2007-jil)bir kòrisiwimde til tawisip ketip edim. Men hàzir sol waqitlarimdi eslep otirman. Endi oylanip otirsam baxitli insan ekenmen. Bulda men ushin bir baxit sebebi shayir aģalarimiz benen kòrispegen, sàlemlespegen insanlar qanshadan qansha...? Shayir aģamiz Ibrayim Yusupovdi eslep qilģan islerimiz alla dàrgayinda qabil bolsin! Tòlepbergen hàm Ìbrayim aģalarim xaliq sizdi umitpaydi! Quda qalese biyil 91 jasti belgilegen bolsaq kelesi jili 92 jasinda jaqsi keypeyatta belgileymiz. İslam inim Tòlepbergen aģanida eslep telegram kanaliñda tañlawlar shòlkemlestirseñiz.
Hùrmet penen Azamat Nuratdinov. @qqshayirlar kanali administratori.
Hùrmet penen Azamat Nuratdinov. @qqshayirlar kanali administratori.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚУТЛЫҚЛАЎ_МАРАФОНЫ
#ИБРАЙЫМ_ЮСУПОВ_91ЖАСТА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-басқыш студентлери атынан саўға!
(КАНАЛ УШЫН АРНАЎЛЫ!😇)
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#ИБРАЙЫМ_ЮСУПОВ_91ЖАСТА
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-басқыш студентлери атынан саўға!
(КАНАЛ УШЫН АРНАЎЛЫ!😇)
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#ҚУТЛЫҚЛАЎ_МАРАФОНЫ
#ИБРАЙЫМ_ЮСУПОВ_91ЖАСТА
Ibrayim Yusupovqa
1. Aspanda juldizlardi sanap otirman,
Termilip olarg'a qarap otirman.
Keleshekke u'mit penen adimlap,
Ko'p na'rseni niyet etip atirman.
2. Qiyalimda su'retin'iz turadi ku'lgen,
Ba'rshe sezimlerdi zeynin'iz ilgen.
"Bul jer zor boliwin" aldinnan boljap,
Siz ulli shayirsiz barlig'in bilgen.
3. Qosig'in'iz oqisam, ko'zge jas alip.
"Men ne qila aldim, artin'da qalip ?".
Shimbayda tursamda, usinda jasap,
U'yin'izdi ko'rmedim, bir ma'rte barip.
4. Qa'leymen: Xaliq kewlinen orin aliwdi,
Qa'lbime qosiqtan qala saliwdi.
Aral tolg'aninda- shadlanip, yoship,
Sizdi ziyaratlap, joqlap bariwdi.
5. Baxtli el joqtur- du'nyada bizdey,
Insan jasay berer u'mitin u'zbey.
Ulli shayir ko'pdur, ba'lki, a'lemde,
Lekin bola almas, hesh biri- Sizdey
Gulchehra Aytmuratova
O'zbekstan Jaslar awqami Shimbay rayonliq 22-sanli mekteptin JASLAR AWQAMI sardari
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#ИБРАЙЫМ_ЮСУПОВ_91ЖАСТА
Ibrayim Yusupovqa
1. Aspanda juldizlardi sanap otirman,
Termilip olarg'a qarap otirman.
Keleshekke u'mit penen adimlap,
Ko'p na'rseni niyet etip atirman.
2. Qiyalimda su'retin'iz turadi ku'lgen,
Ba'rshe sezimlerdi zeynin'iz ilgen.
"Bul jer zor boliwin" aldinnan boljap,
Siz ulli shayirsiz barlig'in bilgen.
3. Qosig'in'iz oqisam, ko'zge jas alip.
"Men ne qila aldim, artin'da qalip ?".
Shimbayda tursamda, usinda jasap,
U'yin'izdi ko'rmedim, bir ma'rte barip.
4. Qa'leymen: Xaliq kewlinen orin aliwdi,
Qa'lbime qosiqtan qala saliwdi.
Aral tolg'aninda- shadlanip, yoship,
Sizdi ziyaratlap, joqlap bariwdi.
5. Baxtli el joqtur- du'nyada bizdey,
Insan jasay berer u'mitin u'zbey.
Ulli shayir ko'pdur, ba'lki, a'lemde,
Lekin bola almas, hesh biri- Sizdey
Gulchehra Aytmuratova
O'zbekstan Jaslar awqami Shimbay rayonliq 22-sanli mekteptin JASLAR AWQAMI sardari
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Telegram
Ибрайым Юсупов
Телеграмдағы рәсмий канал
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ
Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.
Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.
Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!
Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.
8-май, 1975-жыл.
Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.
Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.
Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!
Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.
8-май, 1975-жыл.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жеңистиң_75_жыллығы_мүбәрек
МАРХАБАЙ ӘЛИМБЕТОВ
Ибрайым Юсуповтың - Халқабадтан қанша адам келмеди қосығы.
Шымбай районлық мәденият бөлими ҳызметкери.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
МАРХАБАЙ ӘЛИМБЕТОВ
Ибрайым Юсуповтың - Халқабадтан қанша адам келмеди қосығы.
Шымбай районлық мәденият бөлими ҳызметкери.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#9_май_Еслеў_ҳәм_Қәдирлеў_күни
Ma'rt atalarg'a
(Ekinshi jer ju'zlik uris qahramanlari ha'm qatnasiwshilarina)
1. Barlig'i qaharman Qaraqalpaqta,
Sheyit ketkenleri qaldi sol jaqta,
Eslep bu'gin sizdi yoshlang'an waqta,
Siz ushin jazaman qosiq , atalar.
2. Bizler esitkenbiz, ko'rmedim biraq,
Atin'izdi bildim ha'r kimnen sorap,
On segiz jasinda qural arqalap,
Urisqa atlang'an, batir atalar.
3. Plis Nurpeyisov*- uship aspannan,
Jawlardin' basina sawdalar salg'an,
Inyat*, Maqash* atam bolip Qaharman,
Dushpandi qirg'ansiz sizler atalar.
4. Bu'gin eslep sizdi, jazayin qosiq,
Sizler ma'rt edin'iz ha'mmeden oziq,
Juman* ko'kirek penen oqlardi tosip,
Sheginbey o'lgensiz, sizler atalar.
5. Orazbay Jumaniyazov* ko'rsetip erlik,
Kim usinnan ketse ol bizin jerlik,
Ketkenlerdin' ko'bi qaytpag'an derlik,
Qa'biri belgisiz qalg'an, atalar.
6. Ba'rin'iz a'wladi ma'rt Ernazardin,
Qorqpastan jawlardin' aldinda bardin',
Ati o'shpes sizdey -ma'rt insanlardin',
Degim keler bu'gin, sizge atalar.
7. Esledim 75 jil o'tip aradan,
Ma'n'gi ot aldinda oyg'a talaman,
Sizlerdi ko'rmedim, ele balaman,
Maqtanishim sizler, a'ziz atalar.
* Inyat Nawrizbaev, Maxash Balmag'anbetov, Plis Nurpeyisov, Juman Qaraqulov, Orazbay Jumaniyazov- 1941-1945-jillari bolg'an Ulli Watandarliq urista Qaharman bolg'an Qaraqalpaqstanli atalarimiz.
✍Gulchehra Aytmuratova
Shimbay rayonliq XBB ne qarasli 22-sanli mekteptin' 11-klass oqiwshi.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Ma'rt atalarg'a
(Ekinshi jer ju'zlik uris qahramanlari ha'm qatnasiwshilarina)
1. Barlig'i qaharman Qaraqalpaqta,
Sheyit ketkenleri qaldi sol jaqta,
Eslep bu'gin sizdi yoshlang'an waqta,
Siz ushin jazaman qosiq , atalar.
2. Bizler esitkenbiz, ko'rmedim biraq,
Atin'izdi bildim ha'r kimnen sorap,
On segiz jasinda qural arqalap,
Urisqa atlang'an, batir atalar.
3. Plis Nurpeyisov*- uship aspannan,
Jawlardin' basina sawdalar salg'an,
Inyat*, Maqash* atam bolip Qaharman,
Dushpandi qirg'ansiz sizler atalar.
4. Bu'gin eslep sizdi, jazayin qosiq,
Sizler ma'rt edin'iz ha'mmeden oziq,
Juman* ko'kirek penen oqlardi tosip,
Sheginbey o'lgensiz, sizler atalar.
5. Orazbay Jumaniyazov* ko'rsetip erlik,
Kim usinnan ketse ol bizin jerlik,
Ketkenlerdin' ko'bi qaytpag'an derlik,
Qa'biri belgisiz qalg'an, atalar.
6. Ba'rin'iz a'wladi ma'rt Ernazardin,
Qorqpastan jawlardin' aldinda bardin',
Ati o'shpes sizdey -ma'rt insanlardin',
Degim keler bu'gin, sizge atalar.
7. Esledim 75 jil o'tip aradan,
Ma'n'gi ot aldinda oyg'a talaman,
Sizlerdi ko'rmedim, ele balaman,
Maqtanishim sizler, a'ziz atalar.
* Inyat Nawrizbaev, Maxash Balmag'anbetov, Plis Nurpeyisov, Juman Qaraqulov, Orazbay Jumaniyazov- 1941-1945-jillari bolg'an Ulli Watandarliq urista Qaharman bolg'an Qaraqalpaqstanli atalarimiz.
✍Gulchehra Aytmuratova
Shimbay rayonliq XBB ne qarasli 22-sanli mekteptin' 11-klass oqiwshi.
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Telegram
Ибрайым Юсупов
Телеграмдағы рәсмий канал
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мудамы сүйип жасасын бир-адамды бир адам, Кеўил кеўилден суў ишер бул қатарлар бүгин халқымыз арасында нақылға айланған десекте болады. Шайырлық мүлкиниң султаны болып, поэзияда өзиниң жеке орнына ийе болып өткен шайыр, уллы тулға Ибрайым Юсупов ҳаққында.
Дерек: Youtube/MegaLine ҳәм Қарақалпақстан телеканалы
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Дерек: Youtube/MegaLine ҳәм Қарақалпақстан телеканалы
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
#9_май_Еслеў_ҳәм_Қәдирлеў_күни
"АТАЛАР"
Елимниң басына түскенде думан,
Халкыңның жанына туўғанда гүман.
Гүлдей өмириңди арнап бердиң жан.
Бизлер ушын қымбатлысыз Аталар!
Әжайып өмирдиң қорғаны болып,
Келешек ауладтың курбаны болып,
Өмир тарийхының мийманы болып,
Жас жаныңды бердиң Аталар!
Жеткиншеклер кемисиңди толтырып,
Сен ойлаган әрманыңды болдырып,
Бағларына назлы бүлбил қондырып,
Өшпес өмир бағыш етер Аталар!
Әўладтан-әўладқа сизлер қәдирли,
Тәжим етип хүрмет етер атыңды,
Я аяқсыз, я қолсыз тулғаңды,
Қаҳарманымыз деп сүйемиз Аталар!
Журналист: Гулсара Сапарова
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
"АТАЛАР"
Елимниң басына түскенде думан,
Халкыңның жанына туўғанда гүман.
Гүлдей өмириңди арнап бердиң жан.
Бизлер ушын қымбатлысыз Аталар!
Әжайып өмирдиң қорғаны болып,
Келешек ауладтың курбаны болып,
Өмир тарийхының мийманы болып,
Жас жаныңды бердиң Аталар!
Жеткиншеклер кемисиңди толтырып,
Сен ойлаган әрманыңды болдырып,
Бағларына назлы бүлбил қондырып,
Өшпес өмир бағыш етер Аталар!
Әўладтан-әўладқа сизлер қәдирли,
Тәжим етип хүрмет етер атыңды,
Я аяқсыз, я қолсыз тулғаңды,
Қаҳарманымыз деп сүйемиз Аталар!
Журналист: Гулсара Сапарова
Каналымызға ағза болың👇
http://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov
Telegram
Ибрайым Юсупов
Телеграмдағы рәсмий канал
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov
ЖЕҢИМПАЗЛАР!!! 😇 👏 👍
🥇1-орын
Сипатдинова Ақсүнгүл.
Нөкис қаласы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти.
И.Юсупов "Градусник" балладасы.
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1547
🥈2-орын
Абылов Азамат.
Шымбай районы, 7-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы. И.Юсупов "Тууған жер"
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1304
🥉3-орын
Байниязова Тумарис Бердияр қызы. 5 жас
Нөкис қаласы, 33-санлы МШБМ тәрбияланыўшысы.
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1311
⚜ #Challenge де белсене қатнасып ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған оқыўшылар:
🔹Батырбаева Элеонора. 5 жас.
Нөкис қаласы, 25-санлы МШБМ тарбияланыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1178
🔹Бердиниязов Азизбек.
Кегейли районы, 55-санлы қанийгелестирилген мектептиң 3-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1393
🔹Оралбаева Азиза.
23-санлы мектеп 6-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1369
🔹Зиятдинов Қалмурза.
Нөкис қаласы, 43-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1254
🥇1-орын
Сипатдинова Ақсүнгүл.
Нөкис қаласы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти.
И.Юсупов "Градусник" балладасы.
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1547
🥈2-орын
Абылов Азамат.
Шымбай районы, 7-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы. И.Юсупов "Тууған жер"
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1304
🥉3-орын
Байниязова Тумарис Бердияр қызы. 5 жас
Нөкис қаласы, 33-санлы МШБМ тәрбияланыўшысы.
🎞Видеоны көриў ушын 👇
https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1311
⚜ #Challenge де белсене қатнасып ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған оқыўшылар:
🔹Батырбаева Элеонора. 5 жас.
Нөкис қаласы, 25-санлы МШБМ тарбияланыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1178
🔹Бердиниязов Азизбек.
Кегейли районы, 55-санлы қанийгелестирилген мектептиң 3-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1393
🔹Оралбаева Азиза.
23-санлы мектеп 6-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1369
🔹Зиятдинов Қалмурза.
Нөкис қаласы, 43-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы.
Видеоны көриў ушын 👇
🎞https://www.tg-me.com/ibrayim_yusupov/1254