Telegram Web Link
Forwarded from KARAKALPAК Life-KITAPXANA Әдебият электрон китапханасы.
Иоганн Вольфанг Гёте Германияның Майн жағасындағы Франкфурт қаласында туўылған. Лейпциг университетинде оқыған. Веймар герцоги шайырды өз ҳүкиметине шақырып, оған министрлик лаўазымлар, атақлар береди. Бирақ Гёте көп узамай бул жумысларды, герцогтың ҳүкиметин таслап, жасырын ат пенен Римге қашып кетеди ҳәм онда өзин толғандырып жүрген шығармаларын жазады.
Гётениң поэзиясында терең гуманистлик, философиялық қосықлар, поэмалар, тәбият лирикасы кең орын алады. Ол «Жас Вертердиң жан азабы» атлы сентименталлық роман, пьесалар, театр ҳаққында изертлеўлер жазған, ол тәбияттаныў илимин заманында терең билген.
Уллы немис шайырының шығармалары арасында «Фауст» трагедиясы пүткил дүньяға мәлим. Адамгершилик пазыйлетке және азат жасаўға болған жалынлы қуштарлыққа толып тасқан бул даңқлы шығарма жер жүзилик әдебият ғазийнесинен үлкен орын алады.

ЖОЛАЎШЫНЫҢ ТҮНГИ ҚОСЫҒЫ
Қараңғы түнде туў анда
Қалғып асқар таў турар.
Толықсып салқын думанда,
Ойпатлар жым-жырт маўжырар.

Жапырақлар да қозғалмас,
Гүзар жолда тынар шаң…
Сабыр етип тур азмаз,
Сен де усылай тынарсаң…

ҲАФЫЗҒА
О, сен Ҳафыз! Сениң менен қай адам
Таласа алар теңликке?
Зуўлар кемең ушқан қустай қыядан,
Қақ айырып кеңликти.

Қорқынышсыз сиңип теңиз төрине,
Желқомың пәт алады.
Көксин керип күшли даўыл өрине,
Қайтпай жүзип барады.

Гейде қосығың бир салқын леп таратып,
Ағыс болып сарқырар.
Жалын болып гейде ушқын боратып,
Жүрегимди шарпыған.

Шық жарқырап мақтаныштың Шолпаны,
Қуй денеме күш-дәрман.
Түслериме енген Ҳафыз мәканы,
Мен де саған қуштарман'

ЗУЛЕЙХАҒА
Наз ҳәм жылўа менен жүз әлўан дөнип,
Бир сениң кеўлиңди табалмай сонша, -
Ышқы азабында тынбай өртенип,
Мезгилсиз солады есапсыз ғумша.

Бармақтай шийшеге толтырып әтир,
Саған бериў ушын өзиниң жупарын, -
Қанша өсимликлер өлип баратыр,
Сен ушын бийнышан тәрк етип бәрин?

Сергек нәпес алған қанша өмирлер,
Сөйтип, пидә болды гүл дийдарыңа?
Сен деп албырасып ғошшақ бүлбиллер,
Татлы үн излейди намаларына.

Лекин, сен жылама, ышқы ҳүкиминде,
Ким қурбан болса, налымас оған.
Қәҳәрли патшаның ғәзебинен де
Бийҳуўда қырылған ғой есапсыз адам!
***
… Дурыс емес׃ гөззал тәбият ҳәм де нәўбәҳәр
Жер – аспанның көринисинде десең егер де.
Тәбият та, нәўбәҳәр де сен бар жерде бар,
Периштем, тек сен жүрген жерде. (Ибрайым ЮСУПОВ аўдармалары)
👍1
Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң.
Жаман шайырларды түңилтпек болсаң,
Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң,
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!
Базда мен сыймайман бул кең әлемге,
Сыртлай қарағанға жоқтай әрманым.
Не деп турғанымды еситесең бе?
Мен сени...мен сени сағындым жаным.
😁4
Ўа, Нөкисим сен питпеген жырдайсаң,
Әйнегимнен таңда түскен нурдайсаң,
Ҳәр тойыңды Президент қутлықлап,
Дүнья турғаншелли жасап турғайсаң!

https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Тасыўдан аўыллар жаўраған гезде,
Бурын қурбан берген дәрья, теңизге.
Қайтып берер болса Аралды бизге,
Жанды қурбанлыққа бергим келеди.

https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Асты да дуз, үсти де дуз
Жасап турған жеримиздиң.
Ашшы ғой деп налымаңыз
Тамған маңлай теримизди.
Ибрайым Юсупов

https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
Қыз – жигити кийген атлас дарайы,
Бағы – бостан гүл – гүл дөнген шырайы,
Қарақалпақтың Нөкистен соң орайы,
Шадлықта шалқыған ели Шымбайдың.
Ибрайым Юсупов

https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
1
Jansáwle Xamidullaeva-Tasqın bolıp aǵıp ót
Telegram.me/Ibrayim_Yusupov
Ибрайым Юсупов - Тасқын болып ағып өт
Оқыды: Жансәўле Хамидуллаева
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сызған: Қ.М.У Техника факултети 2-курс студенты Ҳусниддин👏

📡https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
#REPOST
“Аязий билимданы” таңлаўының қала, районлық ҳәм Қарақалпақстан
Республикалық басқышлары бойынша
МАҒЛЫЎМАТ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-майдағы “Уллы
алымлар ҳәм әдебиятшыларымыздың дөретиўшилик мийрасларын кең түрде
үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында қитапқумарлық
таңлаўларын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-3721-санлы қарарының
орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм
Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың атын мәңгилестириў,
шайыр шығармаларын еле де кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан
жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан
Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Композиторлар
аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы,
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар
басқармасы қоспа-қарарына тийкар “Аязий билимданы” таңлаўы ҳар жылы
өткериўи дәстүрге айланған.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет жас талант ийелерин излеп
табыў, оларды хошаметлеў, әдебият жөнелиси бойынша олардың билим
көнликпелерин асырыў ҳәм шайыршылық, дөретиўшиликти раўажландырыў,
сондай-ақ олардың әдебий китапларға болған қызығыўшылығын арттырыў,
Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың атын мәңгилестириў, шайыр
шығармаларын еле де кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткериледи.
Таңлаўға әдебият жөнелисине қызығыўшылығы жоқары болған
14–жастан 30–жас аралығындағы И.Юсупов шығармаларына қызығыўшы
жаслар қатнасыў ҳуқықына ийе. Таңлаў 14-19, 20-30 еки жас
категориясындағы жаслар арасында өткериледи.
Таңлаў -Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық
шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм оның менен заманлас болған шайыр ҳәм
жазыўшылардың өмири, дөретиўшилигине тийисли шығармалары бойынша
сораў-жуўап,
-Гилт сөз,
-Ибрайым Юсуповтың намалы қосықларынан атқарыў шәртлеринен
ибарат.
Таңлаўға қатнасыўшы жаслардан еки жас категориясы бойынша
арзалар саны 15-апрель жағдайына көре жәми 1098 арзалар топланды.
Таңлаўдың қала ҳәм районлық басқышлары усы жылдың апрель-май
айларында өткерилди.
Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы усы жылдың
7 июнь күни болып өтди. Таңлаўға қала ҳәм районлардан жәми 32 жасымыз
қатнасып. Таңлаў жуўмағына көре 14-19 жас категориясы бойынша:
1-орынды Шымбай районынан Айтымуратова Гулшехра;
2-орынды Қараөзек районынан Қуралтаев Асадбек;
3-орынды Елликқала районынан Мирзаева Зумрад.

Ал таңлаўдың 20-30 жас категориясы бойынша болса:
1-орынды Нөкис районынан Айтназарова Улпери;
2-орынды Нөкис қаласынан Жиенбаев Муса;
3-орынды Тахтакөпир районынан Камалова Шайдалар жеңимпазлықты
қолға киритди. Таңлаў соңында жеңимпазларға Өзбекстан жаслар аўқамы
Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған естелик
саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.
👍4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ибрайым Юсупов каналы бәрше жасларымызды 30-июнь "Жаслар күни" менен қутлықлайды!
👍3
ЖАҚСЫ АДАМЛАР

Жақсы адамларға жолыққан күни,
Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар,
Кеўлиң көтериңки илҳам-йош болар,
Жақсы адамларға жолыққан күни.

Азанда автобус бәндиргисинде,
"Жуўыр, жуўыр!" десер сени көриўден.
Олар сөйтип күтпегенде егерде,
Жумыстан кешигип қалар едиң сен.

Сәлемлесип, басқыласып аларсаң,
Дүньяның кемлигин тез умытарсаң.
Өмирди соншелли сүйип қаларсаң,
Жақсы адамларға жолыққан күни.

Олар уйтқы болып мийнет үстинде,
Беккем семья дүзер "коллектив" атлы.
Олар менен жақсы-жаман күниңде
Бөлисип жеген нан палдан да татлы.

Егер сен дүньяны тиреп турсаң да,
Ғәлетлик ислесең аңбай көзиңе,
Мәселен, профкомның жыйналысында
Аямастан айтып салар жүзиңе.

Бирақ, бир күн басқа ис түсер болар,
Қайғы булты қабағыңнан арылмай.
Сениң рабочий намысыңды олар
Қайтпай қорғар сонда өз ҳүжданындай.

Сен сонда өзиңди судлап ишиңнен,
Өзиңди керекли адам сезерсең.
Сени өзиңнен де жақсы түсинген
Бул адамлар жан бер десе берерсең.

Жақсы адамлар—бул дүньяның тиреги,
Ҳасла сен олардан бурма жүзиңди.
Ҳақ нийет, ҳадаллық толы жүреги,
Сен оларға қарап дүзе өзиңди.

Оларға ҳәр күни жолықсаң пайда,
Олар көп, ушырассаң кеўлиң питеди.
Жумыста, я жолда, қуўаныш-қайғыда
Мүшкил ислериңди аңсат етеди.

Олар ҳеш ўақытта сени сатпайды,
Отырыспада орын қойып ядлайды.
Толқында қайығың суўға батпайды,
Жақсы адамларға жолыққан күни.

Өмириң узақ болсын, ләззетли болсын,
Автобусты иркип азанда ҳәр күн,
"Жуўыр, жуўыр!" десип шақырып турсын,
Жақсы адамларға жолыққан күни.

Сентябрь, 1984-жыл

📡https://www.tg-me.com/joinchat-AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
👍61
Төртликлер

Адам кеўли—жолда өскен көк емен,
Саясы мол, булақ ағар қасында.
Түрли тыйық пенен, түрли қол менен
Автографлар бар жазылған онда.

Дүзиў ағаш ел мәпине керекли,
Шаўып алып, жайға басар сонлықтан.
Журт айналып өтер қыйсық теректи,
Кыйсық ағаш узақ жасар сонлықтан.

—Таўдың қара тасы! Жылайсаң неге?
Ким сени ыдыратты, ким қапа қылды?
—Тас баўыр биреўлер жаңа бул жерде
Биреўди аямай тас пенен урды...

Дүнья аз ўақтында бәрине жетер,
Инсап пақыр азға қанәәт етер.
Дүнья болған сайын Нәпси деген ийт
Шынжырын жулкылап, қутырып кетер.

Ақылға уғрас келмес бул үлкен дүнья,
Айы, күни ҳәммелерге тең дүнья.
Инсан пейли тарылғанда бирақта,
Еки адамға тарлық етер кең дүнья.

Апат келтириўши қураллар жасап,
Бағындыра алмаў мүмкин адамды.
Ҳазарсыз кишкене қалем менен ақ
"Жаўлап" алыў мүмкин пүткил жаҳанды.

Бир гезде ўақыттан арзан нәрсе жоқ,
Вокзалда отырсаң ҳеш ўақыт өтпес.
Бир гезде ўақыттан қымбат нәрсе жоқ,
Поездға минерде бир минут жетпес.

Көрдим Монамахтың музейде бөркин.
Ол дым аўыр дейди (дурыс шығар бәлким).
Бирақ оны, мойны сынып кетсе де,
Бир кийиўди әрман етеди ҳәр ким...

Астан-гестен ойнап болса балалар,
Ҳәр затты орнына қояр аналар.
Сол сыяқлы, кимлер дана, ким шала,—
Тарийх бәрин орны-орнына қояр...

Уқтым сени тилиң басқа болса да,
Мәселе тилде емес, бәлким—кеўилде.
Базда қарақалпақша сөйлеп турса да,
Биреўлерге түсинбеймен өмирде...

Ислемеген басты қыйнап терлеме,
Атларға урмасын ешектиң шаңы.
Алма түскен менен ақмақ геллеге,
Ашыла бермейди Ньютонның заңы.

Коңысы болып жасар тил менен қулақ,
Бири бирин онша жақтырмас бирақ.
Тил айтар: "Билемен, мени сүймейсең",
Кулақ айтар: "Оғыры көп сөйлейсең...

Халықтың жүрегине барар соқбақты
Тапқанлар силтеўиш белги қақбапты.
Машақатлар шегип, сол соқбақты мен
Таў, дүз қоймай еле излеп жүрипбен...

Каралық тилеймен ҳәмме қазанға,
Қаралық тилеймен қара көзлерге.
Жасыллық—жапыраққа, қызыллық—қанға
Адам кеўли, ақлық тилеймен сизге!

Шерт, башқурт, сыңсытып қуўрайыңды сен!
Дүз самалы, шопан қыялы менен
Сырласқан усы бир қодирең шөптен
Басланар күдиретли Моцарт ҳәм Шопен.

Ҳәмме ағзаң тозар, тил тозбас бирақ,
Мүшелердиң мықлысы тил дер едим.
"Тилим аўырды" деп докторға қатнап,
Укол алып жүрген адам көрмедим...

Ҳәр кимниң өзинше өлшеў тасы бар,
Салмағың ол тасқа туўры келмейди.
Жеңил қелсең, ол күлиўге асығар,
Аўыр келсең, жақтырмайды, күнлейди.

Кеўлиңниң өзинде қуяш болмаса,
Көктеги күн оны жылытпас ҳасла.
Кеўлиң суўық болса, ыссыларда да
Кимдур биреўлерди тоңдыра баслар.

"О адамлар, мен сүйемен сизлерди!»
Деп бираз шайырлар тынышлық бермес.
Фучик дар астында айтқалы берли
Бул қүдиретли сөз қайталаўды көтермес…

Ошақ басы сөзлер—тарқатар шерди,
Тил ҳәм қулақ оған иштейли сондай.
Ошақ басы сөзлер—мәрт жигитлерди
Базда айнытады нилдин суўындай...

Мен мәзи шайырман. Уста болып я
Имаратқа бир де гербиш қоймайман,
Бирақ салып питилмеген бул дунья
Тек гербиштен турмайды-аў деп ойлайман.

Бир жақсы адамға қүнде иркилип,
Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин...
Сондай кимдур биздидағы бир күни
Бул жолдан табалмай, жоқлаўы мүмкин...

Қумырысқаның инлеўинде сыр бардай,
Пирамида салып атқан қуллардай...
Негедур мақтаныш бийлеп жанымды,
Жақсы көрип кеттим өз заманымды.

Өмир китабы! Көп жериңди түсинбей,
Сезип жүрмен шала оқығанымды.
Алгебраның қыйын мәселесиндей,
Көп саўал қыйнап жүр енди жанымды.

Қула дүзде партаў ашып атырған,
Бульдозершилердиң вагон-қосында,
Муқабасы май-май болып жатырған
Бердақтың китабына қызықтым сонда.

Базда-базда бул қызықлы дүньяға
Уллы адамлар да келип кетеди.
Журт жыйылып орнын басалмаса да,
Бир адам орнына өлип кетеди.

Мийўадан қайысқан шабдал шақасы,
Саған бас ийемен, қызығаман мен.
Мийўалаўдың сырын сеннен шамасы
Үйренсем, тең-тайсыз шайыр боларем.

Жат журтларда өлди Овидий Назон,
Ўатан айралығы шайырды жықты.
Зер я гәўҳар емес, қалтасынан соң
Түйиўли бир қысым топырақ шықты...

T.me/Ibrayim_Yusupov
👍4
ҚЫЙЫН ҲАЛ

Бүгин Әфәндини ушыратып жолда,
Арбаға сүйенип, бийилаж ҳалда—
Отыр, питкендей бар имканияты.
Жол батпақ, узақта отлап жүр аты.

— Әссалам алейкум, ҳай дана бабай!
Бул отырыслар сизге жараспас сирә.
Егер сиз уўайым шексеңиз булай,
Не ҳалға түспек бул кеўилсиз дүнья!...

—Туўры, еплер едим исти бәрҳама,
Бүгин ақылым жетпес бир машақатқа:
Атты әкелемиз-бе әўел арбаға,
Яки алды менен арбаны—атқа?...

Сондай, "сөз бенен ис бирлиги" десең,
Базы басшы бас қатырар бул гезде:
Әўел сөзди иске апарсақбекен
Я исти апарыў керек-пе сөзге?...
Октябрь, 1987

http://T.me/Ibrayim_Yusupov
👍1
Бугин Ибрайым Юсупов каналы администраторы,Өзбекстан Жаслар Аўқамы Шымбай районылық жетекшилер кеңеси баслығы Жансәўле Хамидуллаеваның туўылған күни...Каналымыз атынан туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Сизге узақ өмир, өшпес бахыт, беккем денсаўлық,оқыўларыңызға аўмет,жүмысларыңызға тасқын табыслар тилеймиз!
Ҳүрмет пенен Ибрайым Юсупов каналы.
ЕКИ ҚУЎАНЫШ

Мен атымды түсип басқаға бердим,
Ер-турман, дорбасы, қамшысы менен,
Сен дәрҳал қуўанып жуўырып келдиң,.
Көзиңде шадлы жас тамшысы менен.

Сен байғус қуўандың ҳәз етип күлип,
"Пияда қалдырып жазалады-аў" деп.
Мен байғус қуўандым: жаяўлап жүрип,
Көп жақсы қосықлар жазаман-аў деп…

Март, 1988-жыл.
📜http://T.me/Ibrayim_Yusupov
👍1
ТАҢ САМАЛЫНА

Сәҳәр-сәҳәр ескен таңның самалы,
Мийирбанлық әйле ҳалыма мениң.
Ашықлардың елшисисең озалы,
Хабарымды жеткиз ярыма мениң.

Ҳүкимдар болсаң да ақылы дана,
Ашықлық дәртине табылмас шара,
Бизди ел ишинде қылмаң аўара,
Бир от араласты қаныма мениң.

Яр дегениң менен бизге яр емес,
Яр сүймеклик лекин ҳасла ар емес.
Ышқы периштеси жарылқар емес,
Жәбир-жапасы көп жаныма мениң.

Жүрегим жаралы, кеўилим қәсте,
Оят уйқысынан, сал мени еске.
Алтын сырғасына асылып әсте,
Бир сыбырлап жибер ярыма мениң.

📜http://T.me/Ibrayim_Yusupov
2025/07/11 18:08:06
Back to Top
HTML Embed Code: