Telegram Web Link
Audio
Саў болсын мына инимиз!
Төбем көкке жетти.
Forwarded from Гулназ
Audio
Косыкларым - бар байлыгым
Audio
Қарақалпақстан радиоканалы "Дөретиўшилик сәўбет" еситтириўинде мийманда болдым. Сол еситтириўден жазып алынған сәўбет
Әдебият шайдалары, Сизди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ «Сөз ҳәм пикир» атамасындағы эсселер, сәўбетлер, мақалалар топламы китабыныӊ презентациясының сыйлы мийманы болыўыңызға шақырамыз...

Байрам 2024-жыл 29-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде
болып өтеди.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай.

@QRjas_doretiwshiler
Forwarded from Гули
🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊

Ассалаўма әлейкум ҳүрметли топарымыздың ағзалары ҳәм айтыскерлер!
Бүгин топарымыздың белсенди айтыскери, өзиниң әжайып дөретпелери менен ықласбентлер кеўлинен орын алған талантлы, шайыр, жасларымыздың бири НИЕТУЛЛА-ОЙШЫЛдың туўылған күни. Усы мүнәсибет пенен Ниетуллаға беккем денсаўлық, мол табыс, сарқылмас бахыт, жаслық жигер, дөретиўшилик йош-илҳам тилеймиз. Келешекте өзи арзыў еткен, өзи сүйген қызға үйленип, бахыт сарайының бахытлы ийелери болыўына тилеклеслик билдиремиз. Әўмет, табыс сени ҳеш қашан тәрк етпесин Ойшыл!
🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂🎂

Тема:

ОЙ ТҮБИНЕН ГӘЎҲАР ТАБАР ОЙШЫЛСАҢ

АЙТЫСЫМДА БИЙИК ТУРҒАН ТӨБЕСЕҢ

СЕНИ КӨРМЕЙ ҚАЙДА КӨЗИ ҚЫЗЛАРДЫҢ

"Қарақалпақ айтысы" топары администрациясы.

https://www.tg-me.com/+Sp_k0EBjBG4OVHgl
Қайырлы таң тилеп топар халқына,
Берекет кун болсын әумет тек ғана,
Усындай бир таңда дуньяға келген,
Нийетулла атлы жигит инсанға.

Қәлемиң шарлайды бийик шыңларда,
Тәрийп бериу қыйын сиздей шайырға,
Ал...тилейин заманласым өзиңе,
Орының төринде Бахыт тахтында.

H a P p Y B i R t h D a Y!🙋‍♀🌹🌹🌹
Forwarded from АЗАТ АЙТМАМБЕТОВ
СеНи КөРмЕй
ҚаЙдА кӨзИ
қЫзЛаРдЫң?.😜

Ҳәмме жериң
жүз процент
жайында,
Үй-пүй салып
жүрмейсеңаў
тайында,
Ислеп турсаң
болды жылда,
айында,
Сени көрмей
қайда көзи
қызлардың?

Ойын десе
қатырасаң
ойынды,
Бирақ қыйын
түсиниўде
ойыңды,
Ой жағың зор
берген ҳәмде
бойыңды,
Сени көрмей
қайда көзи
қызлардың?

Кемпирлерәй
тийеғойың
ойшылға,
Әп-әнедей
қарасаңыз
бой-сынға,
Жас қызларға
шошаңлаўын
қойсынба?
Сени көрмей
қайда көзи
кемпирдиң?

Шуқлап билсең
болды баслы
сол жерин,
Қызлардыңда
көп жайласқан
мол жерин,
Қапылсада
кемпир болсам
қол бериң,
Сени көрмей
қайда көзи
қызлардың?😜

Ниетулла - ойшыл бөле туўылған күниң қутлы болсын! Мазмунлы өмир сүре бергейсең! деп бөлең

АзАт АйТмАмБеТоВ.
Forwarded from Abdirazaq Dawletmuratov
Ал Нийетулла қарағым
Бүгин барма арағың
Ишпей жүрип едим
Ишер күн деп санадым😁

Ыссында жазлардың сууығында қыслардың
Қызармасаңда қызлар қасында қызардың
Бети қызыл жигитттиң көкиреги ақ болар
Сени көрмей қайда қарар көзи қызлардың😁🙋‍♂

Тууылған күн мүбәрак
Жасыңа жас басыңа бас қосылсын
Forwarded from Aзамат Бекназаров
Арнау жазсаң кәмине сен келтирип
Ауылыңа тәрийпиңди бересең
Қәлемиңиз өткирленди жетилип
Айтысымда бийик турған төбесең.
Нийетулла -Ойшыл тууылған күниң менен
Қарақалпақ елиме
<unknown>
Тууылған күн қутлы болсын Ха бала.
Бир жананды мингиз тезирек "шанаңа."
Ақыл үйретебермең бәриң деп.
Жездеңди сен бирақ урып сабама.

Сәлем менен желкесин тутып турған жездең Дүйсенбай .🤝
Forwarded from Нызамаддин
Шын шайырсаң қатарларды териўде
Қосықларың қонар ҳәрбир кеўилге
Ой тубинен гәўҳар табар Ойшылсаң
Теңеўим жоқ саған тәрийп бериўге

Сөз айтқанда отырмайсаң усланып
Йошып турар бәрҳә илҳәм тулпарың
Айтысымда бийик турған төбесең
Мақтанышы болып усы ортаның

Уйленгейсең усы жылы той қылып
Жигитсеңаў келискен бир бой сының
Сени көрмей қайда көзи қызлардың
Талайларға әрман бәлким Ойшылым

Ниетулла туўылған куниң қутлы болсын
Бәлент пәрўаз бахыт тилеймен🎉
Атың атап бул ортада Ойшыл деп
Меннен саған онда болсын бир тилек
Сен гөзлесең болды бир пәри қызды
Мен тиледим тезрек тойың болсын деп
🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸

Туўылған күн қутлы болсын !

Ассалаўма алейкум қайырлы күн бәршеге
Жаз айынының ыссысында тууылып
Шымбай ели топырағында жууырып
Айтыс майданында жанды қууырып
Ой тубинен гәухар табар Ойшылсаң


Ел ишинде бир мәрт жигит өзиңсең
Бир сулыуды билмем қашан гөзлейсең
Сөз маржанын теңизлерден излейсең
Айтысымда бийик турған төбесең


Хәзил айтып талайларды дузладың
Ашықлық жолында бунша музладың
Исенемен бир кун бир арыу усларың
Сени көрмей көзи қайда қызлардың

Нийетулла бугинги тууылған куниң өзиңе қутлы болсын ең сара тилеклерим сизге 💐💐💐🎂🎂🎂
Құрметті туылған күн иесі
Ниетулла Жангелдиев!

Туылған күнің құтты
өмір жасың ұзын денсаулығың беккем болсын.
Өмірің мәніліде қуанышқа толы болсын.
Жұмысларыңда поэзия әлемінде
жолың ашық бахытты жігіт бол!
Бахыттың базарынан
Алланың назарынан қалмағайсын.
Тілек білдіруші әпкең Мега! 😊💐😘🍇🎁🎂🎂🎂🥂🍾
Forwarded from :-)
Ой түбинен гәухар терер ойшылсаң
Дегенине журе бердиң ойланып
Қашан енди бир гөззалды қушасаң
Неке жиби бир бириңе байланып

Оқыу жумыс деп шапқылап журесең
Қатарыңа сөзден дүрлер илесең
Йош тулпарың озып келер бәйгиден
Айтысымда бийик турған төбесең

Ниетулла- Ойшыл туўылган куниңиз қутлы болсын. Әўмет, денсаулык, бахыт жолдасыңыз болғай🙏😘💐💐💐
Forwarded from Aзамат Бекназаров
Ақыл алсаң мениң менен Мариядан
Ойшыл қәйним тойдың күнин жәриялаң
Мақал барғо ойшыл ойланғанша ал,
Тәуекелши өтип кетер дәрьядан
Тойға айтарсаң қәйним
Forwarded from Buff@meth
Жыйналысып барар едик той қылсаң,
Кем болмассаң уйпа шашқа бойсынсаң,
Туўылған күн қутлы болсын Нийетулла,
Ой ТүБиНеН гӘўҲаР тАбАр ОйШыЛсАҢ.

АйТыСыМДа БиЙиК тУрҒаН тӨбЕсЕң,
Күйеў болсаң тәғдийир дейип көнесең,
Болар истиң ерте болғаны жақсы,
Дуўа алсаң демде өсип өнесең.

СеНи КөРмЕй ҚаЙдА кӨзИ қЫзЛаРдЫң,
Дегенге көп мардыймастан жүз жарқын,
Талабында болсаң несип етеди,
Буйырғаны бар шығар бир дузы бардың.

Мейли ерте яки қосшым кеш үйлен,
Тәғдир иси бар шығар бир несийбең,
Туўған күнде көп тилеги қабыл бо..п,
Тәңир өзи кем қылмасын ҳеш үйден.
Жигити бул әзим Шымбай елиниң
Қастерлеген топырағын жериниң
Қарақалпақ айтысына йош берип
Кеулин тауған қыз хәм жигитлериниң.

Туылыпты бүгин сондай азамат
Излерине ермеген хеш жаман ат.
Туылған кун қутлы болсын жоражан.
Алдымызда аман жүр саў- саламат.

Ойшыл десе ойшылсаңаў көп илим
Қосық жазып алғысларға көмилиң
Сөз саплаўда Әскербайдан өтсеңде
Бойдақлықта усамасын өмириң.

Жүрген жериң абат болсын, гүл болсын
Басыңызға қонған бахыт нур болсын
Тапқан қызың сулуўлықта теңи жоқ
Хеш кимде жоқ өзгеше  бир түр болсын😁


Ең жақсы тилеклер менен Жанибек Усенов.🥂
Forwarded from 📝 Бүлбүлзибан
Ойшыл шайыр "қайнаға" деп,
Айтар еди ўақтында,
Жийен қызым "прощай!" деп,
Таўып кетти бахтында.

"Алар дейди ал буйырған,
Алалмайды жуўырған",
Қутлықламай отырыппан,
Мен күнинде туўылған.

Боламан деп қайнағасы,
Тәметер ем,нийет қып,
Жүре берсин Нийетулла,
Ҳәр қыз бенен балет қып.😁🙋‍♂
Эээх, Ойшылым, еле жүрсең жас болып,
Бойдақпан деп, еркинликке мәс болып,
Ой түбинен гәухар излеп жүргенше,
Бир пәрийге ал өмир жолдас болып.

Ой десең ой, бой десең бой қарасам
Журттан озық, көзге түскен дарасаң,
Қызлардың сол көзи қайда қарап жүр,
Сегиз қырлы, Бир сырлылау баласаң

Қосық жазсаң өлтиресең сөзлерди,
Айтыс уақты жуптың болған гезлери
Үйлен деймиз 5,6 жыл болды анық
Бир тилекке байладыңау бизлерди

Тууылған күн қутлы болсын жигитим!
Қулақ салып тыңла халық үгитин
Мә сизлерге деп тап бүгин үйленде
Суу сеп күлкисине көпшиликтиң

Хәппи бөузди төө ю
2025/10/19 23:25:48
Back to Top
HTML Embed Code: