Telegram Web Link
Audio
сөзи: Ниетулла Жангелдиев

намасы: Алламберген Ўтепов

атқарған: Нурполат Ўтепов

@oyshil_qosiqlari
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Сағыныш

Қашшан-ақ ақыл ес енгени менен,
Өзимди таппайман елеге шекем.
Сезимге сөзлерим өтседе жаным,
Сағыныш жүректи жеңеди екен…

Маңлайға жазғанын көреди десем,
Ышқы жөнсиз жерден бөледи екен.
Умытлған қосықлар ядыма түсип,
Бәрибир азабын береди екен.


Өмирдиң ырғағын билгеним менен,
Кеўил дә! айтқанға жүрмейди екен.
О баста арзыулар оятқан жерде
Инсанды әрманлар көмеди екен…

Соңында сағыныш жеңеди екен…!

Қысқасы сағындым

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva
Косыкларым - бар байлыгым
Сағыныш Қашшан-ақ ақыл ес енгени менен, Өзимди таппайман елеге шекем. Сезимге сөзлерим өтседе жаным, Сағыныш жүректи жеңеди екен… Маңлайға жазғанын көреди десем, Ышқы жөнсиз жерден бөледи екен. Умытлған қосықлар ядыма түсип, Бәрибир азабын береди екен. …
Қашшан-ақ ақыл ес енгени менен,
Өзимди таппайман елеге шекем.
Сезимге сөзлерим өтседе жаным,
Сағыныш жүректи жеңеди екен…

                    (С. Сырғабаева)

Хош келдиң САҒЫНЫШ

Қаттырақ тийди ме, тәғдир тоқпағы
Мына жүрек ҳаўлығыўдан тоқтады
Мухаббет бағының қыя соқпағы
Көринипти маған бираз жаңылыс

Қымбат келип айралықтың есеси
Күндизинен қыйын екен кешеси
Ағармады бул кеўилдиң кесеси
Ғам қузғыны қыла берип шабылыс

Түним жандырғыштың сестин тыңласын
Темекиниң қызыл шоғы сырласым
Қой... Ол босағада күтип турмасын
Иркилме, киребер! Түнги сағыныш

Хош келдиң, күндеги достым Сағыныш!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

13. 12. 2023ж
@oyshil_qosiqlari
Бәндиргидеги илҳәм

Ерте таңнан шығар ҳәмме асығып
Турмыстың базары ҳасла тоқтамас
Не қыламыз ҳақыйқатты жасырып?
Қәдириң билинди сениң "ақ DAMAS"

Күнлер аяз, күтемен жер тепсинип
Жоллар алыс, аяқ адым атламас
Жиберген қусайман сени көпсинип
Қәдириң билинди сениң "ақ DAMAS"

Ойланаман я таксиге минсем бе?
Бирақ шыққан шығын өзин ақламас
Шыннан кең пейиллик екен бир сенде
Қәдириң билинди сениң "ақ DAMAS"

Алыс-алысларда көринсең көзге
Қайсы адам толқып сени мақтамас?!
Түсиндим өзиңдей болалмас өзге
Қәдириң билинди сениң "ақ DAMAS"

Ниетулла (ойшыл)
Косыкларым - бар байлыгым
https://youtu.be/De3xH0omxhM?si=VpeAvKmIVAimEcLf
Авторлығымдағы "НӘПСИ БӘЛЕСИ" спектаклин енди YouTube тармағынан тамашаласаңыз болады.
Мәрҳәмат қалыс баҳа сизден

@oyshil_qosiqlari
Косыкларым - бар байлыгым
Photo
Бәриңизди мирәт етемиз!
Метаннан хат

(ҳәзил)

Себеп болмай узамайды аралар
Узап кетсе таўып жағыдай соралар
Меннен де бир хабар алың жоралар
Мен метанда "өширет"те жатырман

Санағы жоқ көликлер тур алдымда
Сәл ертерек үлгерместен қалдым-дә
Журтлар үйлеринде жатса, ал бунда
Мен метанда "өширет"те жатырман

Аманбысаң, бизиң сәўер яр, қатын?
Жоқлығымда той-жыйынға бар қатын!
Баламызды туўсаң шашыў тарқатың
Мен метанда "өширет"те жатырман

Түрли хабар айтып атыр ҳәр адам
Қәйдем қанша ўақыт өтти арадан
Буйырса бәҳәрде үйге бараман
Мен метанда "өширет"те жатырман

Ниетулла (ойшыл)
27.01.2024
#азғана_юмор

Қыз:
- Сиз спорт пенен шуғылланғансыз ба?

Жигит:
- Аўа

Қыз:
- Қанша көтере аласыз?

Жигит:
- Анығын айтаберейин бе?

Қыз:
- Әлбетте анығын айтың

Жигит:
- Бурынлары шамам жетпейтуғын еди. Ал ҳәзир бир "ноль семь"ди (0,7) арқайын көтере аламан
😁😁😁

@oyshil_qosiqlari
Audio
сөзи: Н. Жангелдиев

намасы: Т. Ережепов

@oyshil_qosiqlari
#азғана_юмор

Ышқым түсип, номериңди сорасам
Бергиң келмей ашыўланған боласаң
Еки литр ақ май ушын сатылып
"Опен бюджет"ке берипсең, қарасам
😁😁😁

@oyshil_qosiqlari
Қызыққанлар болса кирип мийнетиме баҳа бериң
"Жақсы адамларға жолыққан күни
Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар"

НМПИ рахмет!!!

@oyshil_qosiqlari
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы студент жаслары мийманда

ҚМУ рахмет!!!

@oyshil_qosiqlari
Өнермент қызға

Мен аўлақпан жөнсиз, алдаў сөзлерден
Сен себепли менде бәри өзгерген
Бәлким өзиң буны билмессең, бирақ
Аллам саған сондай сулыў көз берген

Сол сулыў көзлериң маған баққанда
Нәзериң қадалып, кирпик қаққанда
Жүрегим силкинип үнсизбен, қәйдем
Көзлериңе тутқын болажақпан ба?!

Бармағың ушында ойнап өнериң
Билдим тутқан нәрсең гүлге дөнерин
Қуры мақтаныппан шайырлығыма
Көрдим бүгин өзимнен де шеберин

Жулдызларды бармағыңда силкитип
Дизбеклейсең шынжырыңа илгитип
Өзи тапқан жылўасына шыдамай
Кетежазлар үнсиз тасқа тил битип

Жылтыр сөзди жети журттан әкелип
Саған қап-қап ўәде бериў қәтелик
Жулдызды қол менен жаратқан қызға
Қәйтемен аспаннан жулдыз әперип?!

Қосықтан өзиңе бир пайдам тийсин
Илҳәмым жолыңда өртенсин, күйсин
Периштелер сәлемимди апарып
Өнерли қолыңнан, көзиңнен сүйсин!

Мен аўлақпан жөнсиз, алдаў сөзлерден
Аллам саған сондай сулыў көз берген!...

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

06.04.2024ж
@oyshil_qosiqlari
2025/10/19 16:57:27
Back to Top
HTML Embed Code: