Төлепберген Қайыпбергенов өмирлик жолдасы Умит Мәмбетсабирова.
(Қрым, 1960-ж)
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
(Қрым, 1960-ж)
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Барлық урыс - қағыс, даў - жәнжелдиң төркини - жерге ашкөзлик.
Сырыңды билиўге көбирек қызыққан достыңнан қорық.
“Кемшилигим көп деп қорқпа, басқалардан әззимен деп албырақлама, тез үлгерейин деп асықпа, бирақ арқайын да болма".
Әззи деп ҳәтте қумырсқаға орынсыз ҳазар берсең, соның қолынан өлесең. Күшин әззилерге көрсетиў - ең улкен нәмәртлик!
Сырттың сулыýлығы бир қараýға жақсы,
Жанның сулыýлығы өмир сүриýге жақсы.
Төлепберген Қайыпбергенов

Былтыр көп едиңиз, азлаўсыз быйыл...
Бунда келген де бар,
Келмегенде бар.
Бунда өлген де бар,
Өлмегенде бар,
Ядқа сыйғанлардың сыймағы қыйын!
Қыршын кеткенлер ҳәм изсиз кеткенлер,
Бул күн қуяшынан қуры қалып еди!
Бес жыл туўылмаған,
Туўа шөккенлер,
Бәри сол қырғынның қурбаны еди!
Солар ҳүрметине турың, аламан,
Ләблер бир минутқа мөр болып қатсын!
Гезсин руўҳлары аўыл, қалада,
Исми ядымызға ай болып батсын!
✍Шаўдырбай Сейитов
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Бунда келген де бар,
Келмегенде бар.
Бунда өлген де бар,
Өлмегенде бар,
Ядқа сыйғанлардың сыймағы қыйын!
Қыршын кеткенлер ҳәм изсиз кеткенлер,
Бул күн қуяшынан қуры қалып еди!
Бес жыл туўылмаған,
Туўа шөккенлер,
Бәри сол қырғынның қурбаны еди!
Солар ҳүрметине турың, аламан,
Ләблер бир минутқа мөр болып қатсын!
Гезсин руўҳлары аўыл, қалада,
Исми ядымызға ай болып батсын!
✍Шаўдырбай Сейитов
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновдың ата бабалары.
Сиз 7 ата бабаңызды билесизбе?
Танысларыңызға жиберип қойыўды умытпаң.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Сиз 7 ата бабаңызды билесизбе?
Танысларыңызға жиберип қойыўды умытпаң.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Бахтияр Генжемуратов бүгин 66 жаста. Шайырды @qqshayirlar каналы админстрациясы атынан қутлықлаймыз.
Б.Генжемуратов 1959-жылы 11-майда Тахтакөпир районында туýылды.1976-жылы орта мектепти тамаплап, районлық газетада жумыс ислейди. 1978-1980-жыллары әскерий хызметте болады. 1980-жылы ҚМУ ға оқыýға киреди.
Шығармалары: "Қарызым көп", "Саратан", "Шығыста ойанбақта дәý уғлан-Туран" ҳтб.
Қарызым көп
Бир Алладан бийжуýап жақсы қосық жазылмайды,
Деми таýсылмағанша бендеге жай қазылмайды,
Журектен жақсы қосық жан менен бирге шығады,
Ол тәнге жанды жетелеген Тәңиримниң сазындайды.
Бахтиярда қосық жоқ Қарақалпақтан жыр кетти,
Тирилерден туңилип бул дунядан тири кетти,
Енди ғана ер жеткен поезия жетим қалды,
Шайырларды жылатып Ибрайым пирим кетти.
Сум әжел бул қара жер жақсыларға тоймайды бир,
Адамлар шорша көксин ойғанын қоймайды бир,
Жүреклердиң төрлеринен орын алған адамлар,
Ай,жаратқан!Кең дүняға сыймайды бир!
(Ибрайым Юсупов жерленген күни жазылды).

@qqshayirbot қа келген қосық қатарлары.
АЎЫЛ МЕКТЕБИНДЕ МУҒАЛЛИМ ҲАЯЛ
Жас әуладқа билим нурын сеппекке,
Жумыс ўақтын сөзсиз бәржай етпекке,
Асығады таң азаннан мектепке,
Аўыл мектебинде муғаллим хаял.
Әлпешлеп өсирип өмирдиң гүлин,
Үйретеди санмың әлемниң сырын,
Ерлер менен теңдей береди билим,
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
Шаңарағы,ери және ул-қызы,
Күтип турар үйдиң барлық жумысы,
Жеңип келер күнделикли тәшуишти,
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
Писент етпей самал, боран, дауылды,
Тыңламастан үргин,қар ҳәм жаўынды,
Саўып үлгереди сонша сауынды,
Аўыл мектебинде муғаллим хаял.
Түнде унын елеп, ашытып қамыр,
Таң ала геугимнен қыздырар тандыр,
Жаўып алар нанын,зағара,пәтир,
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
Пардоз ислеугеде табалмай ўақыт,
Жумысына барар орамал тағып,
Шаңарағын санар хақыйқый бахыт,
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
Оқытып ҳәр үйдиң, ҳәрбир "еркесин",
Сабақ пайытында қуртар жүйкесин,
Еситер соңынан " өкпе-гийнесин",
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
Заман менен теңдей қәдемлер таслар,
Нурлы келешекке жасларды баслар,
Шәкирт табысынан кеуилин хошлар,
Аўыл мектебинде муғаллим ҳаял.
✍Алия Бекмағанбетова
Таныс муғаллим қыз-келиншеклерге жибериўди умытпаң.

#_Күн_темасы
Бир гәп бар жүдә гөззал ҳәм жүда жағымлы естилетуғын:
"Кәтелик меннен кетти, мени кешир."
Егер биз усы гәпти айтып үйренгенимизде еди, қаншадан-қанша шаңарақларымыз ажыраспаған болар еди.
Қаншадан-қанша жәнжеллеримиз тоқтаған болар еди.
Егер сиз усы гәпти кимгедур айта алмай атырған болсаңыз усы хабарды сол адамыңызға жиберип қойсаңыз болады.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Инстаграм тармағы арқалыда бизди бақлап барсаңыз болады.
👇👇👇
https://www.instagram.com/stories/karakalpakbaimakly/3636032600059383429?igsh=NTc4MTIwNjQ2YQ==
👇👇👇
https://www.instagram.com/stories/karakalpakbaimakly/3636032600059383429?igsh=NTc4MTIwNjQ2YQ==
25-май сәнесин соңғы қоңыраў сыпатында белгилеў қашаннан басланған?
Соңғы қоңыраўды 25-май сәнесинде белгилеў 1948-жылы Россияда басланған. Бул дәстүр Краснодар қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Фёдор Брюховецкий басламасы менен жолға қойылған.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Соңғы қоңыраўды 25-май сәнесинде белгилеў 1948-жылы Россияда басланған. Бул дәстүр Краснодар қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Фёдор Брюховецкий басламасы менен жолға қойылған.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
"СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ"
(11-класс питкериўшисиниң тилинен баян етилген)
Кеше едик биз кишкене палапан,
11 жыл өтипти ғой демде арадан,
Бүгин қанат қомлап пәрўаз етемиз,
Күтип атыр бизди өмир жаңадан!
Мектебимиз екинши үйимиз еди,
Устазлар атамыз, анамыз еди,
Сизлерди тәрк етиўге қыймаймыз-аў,
Және бала болып қалғанда меди!
Ўақыт деген тез өтер ме соншама,
Баўыр басып қалған едик қаншама,
Қағылмақта бүгин соңғы қоңыраў,
Хошласарда сөйлеўге де жоқ шама!
Балалығым өткен алтын дәргайым,
Кетсем сағынаман сени ҳәрдайым,
Хошлассақ классласлар устазлар енди-
Ойланаман не болар деп жағдайым?!
Есимде мектепке биринши келген гезим
Дәслепки рет қолға қәлем алған гезим
Еслесем 11 жыллық өтмишимди,
Кеўлимди бийлеп алды бир аўыр сезим!
Ақыр кеше 1-класс бала едик,
11 жылды ҳеш өтпейди-аў дедик,
Ўақыт деген өтер екен зымырап,
Қайтадан жети жасар болармедик!
Хош бол енди, Хош бол ана мектебим,
Шадлық пенен өтти сенде ҳәр демим.
✍Перийзат Имаматдинова
Қараөзек.

Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў,
Мине, питти бугин соңғы сабақлар.
Жазда басыңызға туспесин қыраў,
Шадлы өтсин бул айралық саатлар.
Олар машақатлы жоллардан өтти,
Олар сизлер ушын бузды тынышын.
Олар өзлерин де умытып кетти,
Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын!
Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың
Мектеп әтирапында шыңғырлағаны?
Дем де шыңларына өрмелеп таўдың,
Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы.
Енди жаңа жоллар сынайды сизди,
Атлайсызлар жаслық босағасынан.
Он жыл бойы алған билимиңизди
Ядқа тусиресиз тағы басынан.
Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир,
Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар.
Күтер қызғын гурес, машақат не бир.
Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар.
Лекин, исенемен: сизлер бәрҳама
Суринбей өтерсиз бул сынақлардан.
Турмыс отырғызып улкен партада,
Еле оқытады көп сабақлардан!
Автор: Кеңесбай Рахманов
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Мине, питти бугин соңғы сабақлар.
Жазда басыңызға туспесин қыраў,
Шадлы өтсин бул айралық саатлар.
Олар машақатлы жоллардан өтти,
Олар сизлер ушын бузды тынышын.
Олар өзлерин де умытып кетти,
Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын!
Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың
Мектеп әтирапында шыңғырлағаны?
Дем де шыңларына өрмелеп таўдың,
Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы.
Енди жаңа жоллар сынайды сизди,
Атлайсызлар жаслық босағасынан.
Он жыл бойы алған билимиңизди
Ядқа тусиресиз тағы басынан.
Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир,
Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар.
Күтер қызғын гурес, машақат не бир.
Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар.
Лекин, исенемен: сизлер бәрҳама
Суринбей өтерсиз бул сынақлардан.
Турмыс отырғызып улкен партада,
Еле оқытады көп сабақлардан!
Автор: Кеңесбай Рахманов
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Машиналары бузылып қалса да, "көз тийген!..."
Шаңарақлық машқала пайда болса да, "көз тийген!..."
Перзентлери аўырып қалса да, "көз тийген!..."
Саудалары жүриспесе де "көз тийген!..."
Негизинде олар гүналарға батқан кимселер. Мүсийбетлердиң тийкарғы себеби гүналар екени ҳеш кимниң ойына келмейди.
Дерек: paziylet.uz
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Шаңарақлық машқала пайда болса да, "көз тийген!..."
Перзентлери аўырып қалса да, "көз тийген!..."
Саудалары жүриспесе де "көз тийген!..."
Негизинде олар гүналарға батқан кимселер. Мүсийбетлердиң тийкарғы себеби гүналар екени ҳеш кимниң ойына келмейди.
Дерек: paziylet.uz
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ассалаўма алейкум.
Ҳүрметли @qqshayirlar канал ағзалары "Жеткиншек" газетамызды сақлап қалайық.
Газетаға жазылыў.
1айға 35 мың сум
2айға 70 мың сум
3айға 105 мың сум
4айға 140 мың сум
1жылға 411мың сум.
Қолдан келгенше бул хабарды тарқатың.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Ҳүрметли @qqshayirlar канал ағзалары "Жеткиншек" газетамызды сақлап қалайық.
Газетаға жазылыў.
1айға 35 мың сум
2айға 70 мың сум
3айға 105 мың сум
4айға 140 мың сум
1жылға 411мың сум.
Қолдан келгенше бул хабарды тарқатың.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Әзиз ҳәм қәдирли балалар!
Сизлерди бүгинги "1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети менен @qqshayirlar каналы атынан қызғын қутлықлаймыз.
1925-жылы Женевада балалар пәраўанлығына арналған Пүткил дүнья конференциясында шөлкемлестирилген болса, арадан 25 жыл өтип, яғный 1950-жылдан байрам сыпатында белгиленип келинеди.
ЭХ, БАЛАЛЫҚ...
Ғулы-ғулық жағып аяғымызға,
Тисленип турып хәсс, жуўырар едик.
Лак әрман, бояуға тырнағымызға,
Жас жантақтың суўын жағып мәс едик.
Ылайдан соққанбыз кесе-шәйнекти,
Суўдың жибин "скакалька" қылғанбыз.
Сыпырықтан таўып сынық әйнекти,
Сүтилмек сүтинен саққыз соққанбыз.
Таң атқаннан күн батқанша тынбастан,
Ойнар едик көрместен үй қарасын.
Ерер едик шубырысып қалмастан,
Ишиў ушын кемпир апам жармасын.
Эх, балалық сенде айтар қызық көп,
Айтып кеттим бирли-жарым яднама.
Бийтәшуиш дем еслегенди билдим еп,
Бийғам дәўир, сағынбастан бола ма...
Г. Нурымбетова

@qqshayirlar телеграмм каналы бүгин 8 жаста.
Каналымыздың ашылғанына 8 жыл толыў мүнәсибети менен бәршеңизди қутлықлаймыз
Сизлер менен биргеликте болғанымыздан қуўанышлымыз.
@qqshayirlar каналы ҳәмийше сизлер менен бирге.
Бизди бақлап барың.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Каналымыздың ашылғанына 8 жыл толыў мүнәсибети менен бәршеңизди қутлықлаймыз
Сизлер менен биргеликте болғанымыздан қуўанышлымыз.
@qqshayirlar каналы ҳәмийше сизлер менен бирге.
Бизди бақлап барың.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Султамурат Каниязов.Алтын жагыс-.pdf
91 MB
"Алтын жағыс".
✍С. Қаниязов
Китаптың электрон варианты қараөзекли Жеткербей Досназаров тәрепинен берилген.
Жеткербей ағамызға @qqshayirlar каналы атынан рахмет айтамыз.
Байланыс👉@qqshayirbot

Жур Базаш, Мойнаққа барып қайтайық!
Базаргул Каримоваға
Жур Базаш, Мойнаққа барып қайтайық!
Бул халықтың кеўилинде кири жоқ,
Елди йошландырып қосық айтайық!
Тәшўишлердиң таўсылғандай түри жоқ.
Тур тезирек, наз уйқыдан оянып,
Чай ҳалқас деп қалып жүрме ҳәлекке,
Ҳәм аларсаң жол жөнекей боянып,
Асығайық, достым Мойнақ тарепке!
Жер жәннети болып көринер бизге,
Мен ийилип келин болып тускен жер.
Халықтың ҳүрмети бийбаҳа сизге,
Қансын қосығыңа шөлиркеген ел.
Қайним той бермекте келин түсирип,
Абысынлар жеткереди қыйқыўын,
Келинлер жүр баўырсақты писирип,
Ал бул жақтың дәстүрлери қып қыйын.
Назың менен жигитлерди жаўлап ал,
Мақпал ҳаўазыңа қалсын байланып,
Жипек ҳаўаз бенен елди баўрап ал,
Қалсын ҳәмме әтирапыңда айланып.
Бунда туристлер көп келип атырған,
Сегбир тартып жаны ҳазар шекпейди,
Бәрин тамашалап күнди батырған,
Олардың қалбинде нарлар шөкпейди...
Аңызақ жел, тиришилик шөллеген,
Шағала шаңқылдап, шапшымас балық,
Аралдан үмитин үзип көрмеген,
Мойнақта жасайды, текте мәрт халық.
Суўдан өзге шегер қайғы-ғамы жоқ
Той береди, қәлби таза, йошы бар,
Артық аспай жыйнап жүрген малы жоқ,
Қосық айтар, қосық тыңлар хошы бар.
Көриспеге ашық Мойнақтың халқы,
Қолды көлегейлеп қара, әнекей,
Бүгин сол елатта меҳирге балқы,
Елге суў келгендей болсын, қәнекей.
Бунда бар енемниң басқан излери...
Атамның қайығы түспейди көзге,
Кеўлимди толқытар ойлар дизбеги,
Бир заман қыялды қайтардым изге.
Еске салсаң мәйли Едил, Жайықты,
Айт шадлы қосықлар иши писпесин,
Бирақ, бугин айтпа "мотор қайықты",
Нәзик кеўиллерге қылаў түспесин.
Күлген көзлеринен шуғла шашылып,
Он төртине толған айдай қалқысын,
Ел халықтың пәшек гүли ашылып,
Ҳайт байрамы күни тойлап шалқысын.
✍Гүлистан Даўлетова.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Базаргул Каримоваға
Жур Базаш, Мойнаққа барып қайтайық!
Бул халықтың кеўилинде кири жоқ,
Елди йошландырып қосық айтайық!
Тәшўишлердиң таўсылғандай түри жоқ.
Тур тезирек, наз уйқыдан оянып,
Чай ҳалқас деп қалып жүрме ҳәлекке,
Ҳәм аларсаң жол жөнекей боянып,
Асығайық, достым Мойнақ тарепке!
Жер жәннети болып көринер бизге,
Мен ийилип келин болып тускен жер.
Халықтың ҳүрмети бийбаҳа сизге,
Қансын қосығыңа шөлиркеген ел.
Қайним той бермекте келин түсирип,
Абысынлар жеткереди қыйқыўын,
Келинлер жүр баўырсақты писирип,
Ал бул жақтың дәстүрлери қып қыйын.
Назың менен жигитлерди жаўлап ал,
Мақпал ҳаўазыңа қалсын байланып,
Жипек ҳаўаз бенен елди баўрап ал,
Қалсын ҳәмме әтирапыңда айланып.
Бунда туристлер көп келип атырған,
Сегбир тартып жаны ҳазар шекпейди,
Бәрин тамашалап күнди батырған,
Олардың қалбинде нарлар шөкпейди...
Аңызақ жел, тиришилик шөллеген,
Шағала шаңқылдап, шапшымас балық,
Аралдан үмитин үзип көрмеген,
Мойнақта жасайды, текте мәрт халық.
Суўдан өзге шегер қайғы-ғамы жоқ
Той береди, қәлби таза, йошы бар,
Артық аспай жыйнап жүрген малы жоқ,
Қосық айтар, қосық тыңлар хошы бар.
Көриспеге ашық Мойнақтың халқы,
Қолды көлегейлеп қара, әнекей,
Бүгин сол елатта меҳирге балқы,
Елге суў келгендей болсын, қәнекей.
Бунда бар енемниң басқан излери...
Атамның қайығы түспейди көзге,
Кеўлимди толқытар ойлар дизбеги,
Бир заман қыялды қайтардым изге.
Еске салсаң мәйли Едил, Жайықты,
Айт шадлы қосықлар иши писпесин,
Бирақ, бугин айтпа "мотор қайықты",
Нәзик кеўиллерге қылаў түспесин.
Күлген көзлеринен шуғла шашылып,
Он төртине толған айдай қалқысын,
Ел халықтың пәшек гүли ашылып,
Ҳайт байрамы күни тойлап шалқысын.
✍Гүлистан Даўлетова.
Байланыс👉 @qqshayirbot
Канал👉 @qqshayirlar
Халқымыздың ардақлы перзенти ҳәм сүйикли жазыўшысы Гүлайша апа Есемуратованың дүньядан өткенине байланыслы марҳумның шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен @qqshayirlar каналы атынан кеўил айтамыз.
Гүлайша Есемуратова 1930-жылы 18-фавральда Шымбай қаласында туўылған. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, өзиниң дәслепки мийнет жолын "Жас Ленинши" (ҳәзир "Қарақалпақстан жаслары") газетасында бөлим баслығы болып хызмет ислеўден баслаған. 1957-1960-жыллары "Жеткиншек" газетасында, "Әмиўдәрья" журналында бөлим баслығы лаўазымын атқарды. 1991-жылы Қарақалпақстанда биринши ҳаял-қызлар журналы болған "Арал қызлары" журналын шөлкемлестирди.
Г.Есемуратова "Бәри өмир ҳаққында", "Арыўлар", "Қызым саған айтаман", "Жийрен", "Шығармалары"ның I, II томлығы ҳәм басқа да халқымызға белгили дөретиўшилик шығармалардың авторы.