Адам баласының ҳайýанат дүньясынан тек ҳүжданы арқалы ажыралып турады.

Камал Мәмбетов

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Ҳадал жолда сүйретилип жүрсең де, ҳарам жолда жуғырып баратырғанлардан озып кетесең!

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
Адам баласының ҳайýанат дүньясынан тек ҳүжданы арқалы ажыралып турады. Камал Мәмбетов Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Камал Мәмбетов 82 жаста

14-май Қарақалпақ прозасы ҳәм поэзиясының ири тулғаларының бири, шайыр, жазыўшы, әдебияттаныў илими ғайраткери Камал Мәмбетов туўылған күни. Камал Мәмбетов 1940-жылы Кегейли районында туýылған.

Мийнетлери: "Қарақалпақлар тарийхы", "Қарақалпақлар шежиреси", "Қарақалпақ толғаўлары", "Тарийх төркинлери", "Ерте дәўир әдебий естеликлери", "Әмир Темур ҳәм Едиге", "Қуран тәлийматлары", "Посқан ел" романы, "Бозатаў" роман-повестлер китабы, "Ҳүждан" романлары бар.

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
Смотрите "Siz sùygen qosiq "AQSUNGÙL" xaliq qosığı"
на YouTube
https://youtu.be/tReP7Lju5II

Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Audio
#bugunxotira 14-May📌 Qoraqalpog‘iston xalq yozuvchisi, fan arbobi Kamol Mambetov tavallud topgan kun.

🎤Respondent-Berdaq nomidagi Qoraqalpoq universiteti dotsenti, filologiya fanlari doktori Perdebay Nurjanov

📻 "O'zbekiston-24" radiokanali Fm 87.9да soat 08:35, 20:35 da "Bugun" dasturi.
📆Muallif-Durdona Ma'diyeva.

Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Рәсмий мүнәсибет

Социаллық тармақлардың биринде көпшиликтиң талқылаўына себеп болған Қанлыкөл районы «Жайхун» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Jayxun» mahallası атамасы район ҳәкими А.Ибрагимовтың усынысы менен “Jayxun” MPJ деп латын жазыўы тийкарында қарақалпақ тилине өзгертилди.

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
"ТӨЛЕККЕ ХАТ - 4"
(соңғы хат: Апатшылық)


Тамшы-тамшы маңлайдан тер сыздырып,
Турған менен бар әлемди қыздырып.
Сөзлериңниң ҳәўирине жетпейди,
Мына Қуяш шығарса да жүз қылық...

Келген кетти, кеткенлерге келмек жоқ,
Ҳешкимге де мәңги өмир берген жоқ.
Дөретпеңе шыннан ашық болған бар,
Айтқаныңды нақыл тутып жүрген көп...

Сапасы жоқ, деген менен көп-дур сан,
Үшеўи бар зорға бирин жоқ қылсаң.
Тиримен деп жүргенлерден Жер басып,
Әй Төлегим өзиң артық боп турсаң...

Алай-дүлей соққан ишки бораннан,
Тоқтатыўын жалбарынып сорандым.
Дегениңниң терисине жүреди,
Қышымалы қылығындай жорамның...

Түрткилеўди тоқтатпады ишимнен,
Тыйылыўға күш қалмады күшимнен.
Мәжбүр қылды саған бир хат жазыўға
Жалғыз Ол деп ишиңдегин түсинген...

Илҳамымның ҳәмирине бойсынып,
Қыяллардың әлемине бой сиңип,
Соңғы мәрте жоллайын бир хатымды.
Шамам жеткен жерге шекем ой сүрип...

Қыйсаң-қыйсаң киятырман тар жолда,
Күтилмеген ҳәдийселер бар жолда...
Усы жолдан жойтқанымды излеймен,
Табылады кетпей турса ҳәр қолда...

Көргенлер жоқ ҳүждан менен ойласып,
Адамлардан ара ашты сыйласық.
О дүньяның жағдайын сен билесең,
Мына дүнья қыянетлер дүньясы...

Ең жаманы өз-өзине исленип,
Ар ҳәлсиреп, бетсизликке күш енип.
Шыдаў қыйын көзиң көрип турған соң,
Жара болар еки мушың тисленип...

Урман-пурман, илингенин олжа қып,
Ана-тилим болып кетти қолжаўлық.
Ақырына көзиң жеткен қусайды,
Өзиң бәрин жазып едиң болжаў қып...

Төлек!.. әбден тырнайын ба жараңды?
Жүректеги ойым меннен жан алды.
Балаларым сөйлемес өз тилинде,
Қарақалпақтың келешеги қараңғы...

Қай нәрсе де өзлигиңе тең келмес,
Урпақларым ҳәзир буны меңгермес,
Бул кеселдиң алдын алып қалмасақ,
Аўырыўды алтын төсек емлемес...

Тамшы-тамшы көзимнен жас сыздырып,
Кеўилимнен есер мудам ызғырық...
Әй Төлегим, Төлегим-әй буларды
Саған жазып отырғаным бир қызық...

Мен шертилмей турған муңлы саздайман,
Қоңыр Гүзбен, гейде жасыл жаздайман...
Поэзияны тәрк етесең десе де,
Енди саған бир де бир хат жазбайман...

✍️Өжет Байназаров
15.05.2022 Ташкент
@bakhadur92ojet

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Сиз қандай доссыз?

Дослық-төрт түрли болады

Данышпаннан "Дослықтың қанша түри бар?"-деп соралды.
Данышпан жуýап берди:
-Төрт түри бар!
Бириншиси аýқатқа уқсайды-ол саған ҳәр күни керек.
Екиншиси дәриге уқсайды-зәрүр ýақытта оларды излейсең.
Үшиншиси кеселикке уқсайды-олар сени излейди.
Төртиншиси ҳаýаға уқсайды-олар көринбейди, бирақ барқулла қасыңда болады.

Сиз қандай доссыз?
Пикирлериңиз болса👉https://www.tg-me.com/qqshayirlar_chat қа
жазып қалдырсаңыз болады.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Адамның аýзындағы сөзи өзгерсе,
Қалта толып, қарнының тоқлығынан.
Өзин, өзгелерден үстин көрсе,
Әдеп кетип, тәрбияның жоқлығынан.

Ермек улы Саян ақын.

Aýдарма ислеген: Азамат Нуратдинов

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
Ассалаýма алейкум.

Өтип атырған ýақтыңызды, жақсылықларға сарп етиң!
Налымаң, ýақыт бул имтиҳан.


Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Бир иллет бар "пара" деген,
Береди екен,-алады екен,
Ҳарам қоллар қалтырамай,
Қалтасына салады екен.

Қабат-қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,
Заң-закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен.

Ибрайым Юсупов


Кимге жибериýди өзлериңиз билесиз.

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
Dàwir bizge awır jùgin artadı,
Adam jùklep, adam onı tartadı
Òmir degen azap pa dep oylasaq,
Bir jaģında quwanıshı bar taģı.

Dàwir bizge quwanıshtı artadı,
Birew kùlip birew qosıq aytadı,
Òmir degen hàzlik pe dep oylasaq,
Bir jaģında mashqalası bar taģı!

T. Màtmuratov

Kanal siltemesi👉
@qqshayirlar
20220515_152321.mp4
28.7 MB
1990-жылы болған ушырасыý.

Жолмурза Аймурзаев ҳәм Ысақ Хожаметов.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Turmıs-sonday qosıqshı, adamlardı qàlegen namasına oynatadı.
Bul sòzlerdi jazıwıma sebep: 2014-j NMPI di pitkergennen keyin, jumısqa kire almay, shet elge awır jumıs islep ketken waqıtlarımda jazıldı.

☝️Jumısqa kiriw ushın ya tanısıñ,
ya aqshañ bolıw kerek!

Azamat Nuratdinov

Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Адалат өлген күни, мәмлекeтте өледи.

Фатих Султан Мехмет Хон

Аýдарма: Азамат Нуратдинов

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
❗️Qaraqalpaqsha jıl, ay, hápte kúnleriniń atların bilip alıń.

Jıl atları:

1. Tıshqan
2. Sıyır
3. Barıs
4. Qoyan
5. Ulıw
6. Jılan
7. Jılqı
8. Qoy
9. Meshin
10. Tawıq
11. Iyt
12. Qara kiyik

Ay atları:

1. Yanvar - Dáliw
2. Fevral - Hút
3. Mart - Hamal
4. Aprel - Sáwir
5. May - Jawza
6. Iyun - Saratan
7. Iyul - Háset
8. Avgust - Súmbile
9. Sentyabr - Miyzan
10. Oktyabr - Aqırap
11. Noyabr - Qawıs
12. Dekabr - Jeddi

Hápte kúnleri:

1. Dúyshembi
2. Shiyshembi
3. Sárshembi
4. Piyshembi
5. Juma
6. Shembi
7. Ekshembi

Kanal siltemesi👉
@qqshayirlar
The owner of this channel has been inactive for the last 11 months. If they remain inactive for the next 29 days, they may lose their account and admin rights in this channel. The contents of the channel will remain accessible for all users.
Messages in this channel will be automatically deleted after 1 day
Messages in this channel will no longer be automatically deleted
2024/05/03 19:05:14
Back to Top
HTML Embed Code: